ϴзбекстан Республикасы Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  “Жеткиншек” газетасының жуўаплы хаткери, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Дариха Үббиниязова менен студент-жаслардың ушырасыўы болып өтти.

Илажда ϴзбекстан Республикасы Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығының орынбасары Д.Абибуллаев, “Жас журналистлер” клубының басшысы, доцент З.Қожықбаева, журналистика кафедрасының доценти Д.Бекбаўлиев, “Жеткиншек” газетасының арнаўлы хабаршысы  Ж.Ибадуллаева,  тютор М.Реймов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, талантлы журналист ҳәм әжайып устаз Дариха Үббиязованың дөретиўшилик жолы, устазлық қәбилети ҳәм инсаныйлық пазыйлетлерине тоқтап өтти.




Атап өтилгениндей,  Дариха Үббиниязова 1964-жылы Кегейли районында туўылған. 1981-жылы Нөкис қаласындағы 6-санлы орта мектепти тамамлайды. 1983-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология факультети Журналистика бөлимин табыслы тамамлап, журналист қәнигелигин ийелейди. Ол өзиниң мийнет жолын 1988-жылы республикамыздағы “Қарақалпақстан жаслары” газетасында арнаўлы хабаршы болып ислеўден баслаған болса, кейин ала  усы газетаның бөлим баслығы, 1996-жылы бас редакторы лаўазымларында иследи.

Дариха Үббиниязова 2000-жылдан баслап Республика балалары ҳәм жас өспиримлериниң “Жеткиншек” газетасында жуўаплы хаткер лаўазымында дөретиўшилик хызметин даўам еттиреди. Ол республикамыз балалары турмысынан алынған мақала ҳәм гүрриңлери менен газета оқыўшыларының қәлбинен терең орын ийелеген талантлы журналист болып, халқымызға танылды.

Оның шәкиртлери Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминде өткерилген таңлаўларда жоқары орынларды ийеледи. Мәселен, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийелери Несибели Мәмбетырзаева, Айжамал Жолдасбаева, Айжамал Караматдинова, Қумар Бекниязова, Шахзада Базарбаевалардың талантлы жаслар болып жетилисиўинде устаз журналисттиңхызмети үлкен болды.

Оның тараўдағы узақ жыллық пидайы хызмети ылайықлы баҳаланып,  “Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағласы” көкирек белгиси, “Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист” ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Илажда Д.Үббиниязова шығып сөйлеп, ушырасыў шөлкемлестириўшилерин миннетдаршылық билдирди ҳәм болажақ журналистлерге баҳалы кеңеслерин берди.

– Келешек жас әўладты әдеп-икрамлы, Ўатанға садықлық туйғысы руўхында тәрбиялаўда, олардың дүньяға жаңаша көз қарасын қәлиплестириўде, миллий ғәрезсизлик идеяларын санасына сиңдириўде  устазымыздың мийнети айрықша,-дейди “Жеткиншек” газетасының арнаўлы хабаршысы  Жеңисгүл Ибадуллаева.-Ол келешегинен үлкен үмит күттиретуғын талантлы оқыўшылардың мақала, гүрриң, ертек жазыўға болған қызығыўшылығын арттырып, оларды дөретиўшиликке жетелемекте. Сонлықтанды бир қанша жас журналистлердиң сүйикли устазы болып табылады.

Ушырасыў соңында студент жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги