Исбилерменлердиӊ турақлылық рейтингин анықлаў тәртиби белгиленди

Ҳүкимет қарары (55-санлы, 30.01.2024 ж.) менен Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтингин анықлаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Президенттиӊ тийисли қарары менен 2024-жыл 1-февральдан нызамшылық талапларына әмел еткен ҳалда жумыс алып барып атырған исбилерменлерди анықлаў ҳәм хошаметлеўди нәзерде тутатуғын Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги енгизилген.
Режеге бола, рейтинг Салық комитетиниӊ “Исбилерменлердиӊ турақлылық рейтинги” электрон платформасында онлайн қәлиплестириледи ҳәм Саўда-санаат палатасыныӊ рәсмий веб-сайтында жәрияланып барылады.
Исбилерменлердиң жумысын баҳалаў көрсеткишлери бойынша улыўма балл баҳалаў ўақтында әмелде болған көрсеткишлер саны ҳәм оларға берилген баллар жыйындысынан келип шығып белгиленеди.
Мағлыўматлар салық төлеўшиниӊ жеке кабинетинде реал ўақыт режиминде сәўлелендириледи.
Рейтинг мағлыўматлары бойынша наразылықлар болса, Салық комитетине мүрәжат етиледи.
Усыған бола, билдирилген наразылықлар 1 жумыс күни даўамында көрип шығылады.
Саўда-санаат палатасы рейтинг мағлыўматларын ҳәм келип түсип атырған мүрәжатларға оператив жуўап берилиўин мониторинг етип барады.
Реже тек ғана юридикалық тәреплерге енгизиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги