Нызамшылыққа киргизилген өзгерислерге бола, Қырғызстанда бир шахс еки рет президентлик лаўазымын ийелеўи мүмкин.
Қырғызстанның әмелдеги президенти Садир Жапаров гезектеги президентлик сайлаўында өз кандидатурасын қойыўды режелестирмекте. Бул ҳаққында АКИпресс мәлимлеме агентлигине мәмлекет басшысының баспасөз хаткери Аскат Алагозов мәлим етти.
«Аўа, президент Садир Жапаров екинши мүддетке сайлаўда қатнасады. Бул жумыс басланған ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе узақ мүддетли халықаралық жойбарлар режелестирилип атырғанын есапқа алсақ, бул избе-из қәдем болады», деди Алагозов.
Бурын, Қырғызстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Эдил Байсалов ҳәм әмелдеги президенттиң екинши мүддетке сайланыў режелери ҳаққында мәлим еткен еди.
Жапаров 2021-жылдың январында Қырғызстанда болып өткен президентлик сайлаўында жеңиске ерискен ҳәм еки ярым ҳәптеден кейин рәсмий өз лаўазымына кирискен. Оның ўәкиллик мүддети үш жылдан кейин жуўмақланады.
Нызамшылыққа киргизилген өзгерислерге бола, мәмлекеттиң гезектеги презинти алты жыллық емес, ал бес жыллық мүддетке сайланады. Буннан тысқары, енди бир шахс еки рет президентлик лаўазымын ийелеўи мүмкин.
Қырғызстанда гезектеги президентлик сайлаўы 2026-жылы өткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги