Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 1-февраль күни «Санластырыў тараўында тәжирийбели қәнигелерди таярлаў жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-51-санлы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Санлы технологиялар тараўында заманагөй билимлерди алыўды хошаметлеў, бул бағдарда жумыс алып баратуғын жас кадрлардың шет тиллерин билиў көнликпелерин арттырыў, мийнет базарында IT-хызметлер экспорты тараўында талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў, сондай-ақ, усы бағдардағы мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
2024-жыл 1-марттан баслап:
– мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин питкериўшиси IT-хызметлерин экспорт етиўши шөлкемге жумысқа киргенде, базалық есаплаў муғдарының 75 есесине шекем, майыплығы болған жас питкериўшиси усындай шөлкемге жумысқа жайласқан жағдайларда болса 105 есесине шекем бир мәртелик субсидия ажыратыў системасын нәзерде тутатуғын бағдарлама;
– халықаралық IT-сертификатларына ийе жаслардың оқыў ҳәм усы сертификатларды алыў қәрежетлериниң 60 процентине шекемги бөлегин қаплап бериў тәртиби;
– инглиз тилинде B2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги сертификатқа ийе болған жаслардың халықаралық IT-сертификатлар алыў қәрежетлерин толық қаплап бериў тәртиби енгизиледи.
Соның менен бирге, субсидия питкериўшиси IT-хызметлер экспорты тараўында талап жоқары болған оқыў бағдарлары бойынша билим алған ҳәм Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки резиденти статусына ийе болған IT-хызметлерди экспорт ететуғын шөлкемлерге жумысқа қабыл етилген мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине орнатылатуғын өлшемлерге муўапық ажыратылады.
Сондай-ақ, субсидия алыў ҳәм халықаралық IT-сертификатларына ийе жаслардың оқыў ҳәм усы сертификатларды алыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша мәмлекетлик хызметлери Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы бийпул көрсетилиўи белгиленди.
Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшыларын дизимге алыў, Бирден-бир портал арқалы келип түскен арзаларды көрип шығыў ҳәм нәтийжелерин жәриялаўға байланыслы процесслер Санлы технологиялар министрлигиниң арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады.
Сондай-ақ, ҳәр бир питкериўши ушын ажыратылатуғын субсидия Санлы технологияларды раўажландырыў қоры қәрежетлери есабынан қаржыландырылады.
Халықаралық IT-сертификатларына ийе жаслардың оқыў ҳәм усы сертификатларды алыў қәрежетлериниң 60 процентине шекемги бөлегин ҳәм инглиз тилинде B2 дәрежесине ийе болған жаслардың халықаралық IT-сертификатларын алыў қәрежетлерин толық қаплап бериў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлери есабынан әмелге асырылады.
Қарарға муўапық, министрликтиң арнаўлы мәлимлеме системасы ҳәм рәсмий веб-сайтында Бағдарлама шеңберинде республика ҳәм аймақлар кесиминде мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң онлайн тәризде жаңалап барылатуғын рейтинги қәлиплестирилиўин нәзерде тутатуғын модуль иске түсирилиўи де белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги