Миллий кадрлар резервине киргизилген ҳаял-қызлардың 10 проценти басшы лаўазымларына тайынланған

252

Ҳаял-қызлар ҳәм ер-адамлар ушын тең ҳуқықлар менен имканиятларды таңлаўға қаратылған нызамшылық тийкарлары жетилистирилди.

Соның ишинде, Сайлаў кодексине өзгерислер киргизилгени нәтийжесинде сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанлар көрсетилип атырғанда ҳаял-қызлар санының ең аз муғдарын талабанлардың улыўма санының 30 процентинен 40 процентине арттырыўды нәзерде тутатуғын жаңа норма енгизилди.

Бул Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша комитетиниң мәжилисинде атап өтилди.

Мәжилисте 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасы гендер теңликке ерисиў стратегиясын 2023-жылы әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм 2024-жылы әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасының жойбары көрип шығылды.

Бағдарламаның орынланыўы шеңберинде басшы ҳаял-қызларды таярлаў бойынша Мәмлекетлик басқарыў академиясында 319 ҳаял-қыз оқытылғаны атап өтилди.

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 262,2 мың ҳаял-қызға 4,5 триллион сум муғдарында кредит ажыратылды. Жумыссыз ҳәм социаллық дәптерлерде дизимде туратуғын 27 мыңнан аслам ҳаял-қызға исбилерменлик жумысын жолға қойыў, өзин-өзи бәнт етиў ушын 118,5 миллиард сум субсидиялар берилди. 250 мыңнан аслам ҳаял-қызлар мийнет базарында талап жоқары болған заманагөй кәсиплерге оқытылды.

Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен 2023-жылы өткерилген мәмлекетлик социаллық буйыртпа ҳәм грант таңлаўларында 6,6 миллиард сум муғдарында 39 жойбар ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, ерте неке ҳәм ажырасыўларды азайтыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў және оларға ҳуқықый, психологиялық жәрдем көрсетиў тараўларына ажыратылды.

Додалаўлар процесинде «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы нызамға муўапық мәмлекетлик уйымларда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәт кеңеси уйымларының жумысы талап дәрежесинде шөлкемлестирилмегени сынға алынды.

«Басшы ҳаял-қызлар мектеби» оқыў бағдарламасының 99 питкериўшиси Миллий кадрлар резервиниң мағлыўматлар базасына киргизилген болып, олардың дерлик 10 проценти басшы лаўазымларына тайынланған.

«Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен 2023-жылы сырт елге билим алыў ушын жиберилген жаслар арасында ҳаял-қызлардың үлеси 30,6 процентти қураған. Бирақ докторантура тәлим бағдарламасы бойынша ҳаял-қызларды тартыў жумысларын жеделлестириў зәрүр екени атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў бағдарында жумысларды даўам етиў зәрүр екени белгиленди.

2024-жылғы бағдарламадан ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеўге қаратылған нызамшылық тийкарларын жетилистириў орын алыўы зәрүр екени атап өтилди. Мәмлекетлик хызметтеги ҳаял-қызлардың сиясий-ҳуқықый потенциалын арттырыў, STEM (Science – тәбийғый пәнлер, Technology – тенхнологиялар, Engineering – техникалық дөретиўшилик, Mathematics – математика) бағдарларындағы пәнлерге ҳаял-қызлардың үлесин арттырыў, олардың илимий ҳәм стартап идеяларын жүзеге шығарыў көнликпелерин қәлиплестириў, ҳаял-қызларды илимий-инновациялық жумысқа кеңнен тартыў мақсетке муўапық.

Соның менен бирге, ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин арттырыўда сиясий партиялардың ролин күшейтиў, мәмлекетлик хызметтеги ҳаял-қызлардың сиясий-ҳуқықый потенциалын арттырыў сыяқлы мәселелерге итибар қаратылды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы