Педагогтыӊ ҳуқықлары, абрайы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик мәртебеси мәмлекет қорғаўында болады. Президент тийисли нызамға қол қойды.

Нызамға бола, атап айтқанда, төмендегилер қадаған етиледи:

– педагогты кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған жумысларға , сондай-ақ, аймақларды абаданластырыўға ҳәм аўыл хожалығы жумысларына тартыў;

– педагогтан оныӊ кәсиплик миннетлемелерине қатнаслы болмаған есабатларды ҳәм басқа мағлыўматларды, сондай-ақ, питкериўшилердиӊ бәнтлигин тәмийинлегени ҳаққындағы есабатларды қәлиплестириўди ҳәм усыныўды талап етиў;

– педагогқа товар ҳәм хызметлерди сатып алыў миннетлемелерин жүклеў, сондай-ақ, мийнет ҳақысынан оныӊ жазба келисимсиз товар ҳәм хызметлер ушын қаржы услап қалыў. Педагог хызметкерлер – кәсиплик жумысын әмелге асырыў даўамында өз абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик мәртебесин қорғаў менен байланыслы ислер бойынша  пуқаралық ислери бойынша судларға мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.

Сондай-ақ, педагог хызметкерлер – кәсиплик жумысын әмелге асырыў даўамында педагог хызметкерлердиӊ ҳуқықларын бузып атырған мәмлекетлик уйымлардыӊ нызамға қарсы қарарлары, олардың ҳәмелдар шахсларыныӊ ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен Ҳәкимшилик судларға шағым еткенде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи, – деп мағлыўмат береди xabar.uz

Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги