Партия басшысы белсендилер менен ушырасты

ϴзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Сиёсий Кеңесиниң баслығы Робахон Маҳмудованың партияның Қарақалпақстан Респбликасындағы жумысларын үйрениўге бағышланған сапары басланды.
Күнниң биринши ярымында партияның Қарақалпақстан Респбликасы Кеңесинде болып, жумыслары менен танысты. Буннан кейин партияның Қарақалпақстан Респбликасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Нөкис қаласындағы депутатлық топары, партияның қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң баслықлары менен ушырасты. Ашық пикирлесиў барысында Жаңа ϴзбекстанның Раўажланыў стратегиясын 2024-жылда әмелге асырыўға байланыслы “Адолат” социал-демократиялық партиясының алдында турған ўазыйпалар ҳаққындағы мәселелер сөз етилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлық топарының ағзалары Орынгүл Аллабергенова, Гүлхатиша Айымбетова, Даўытбай Қурбаниязов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының коррупцияға қарсы гүресиў “Комплаенс-қадағалаў” системасын басқарыў бөлиминиң баслығы, партия белсендиси П.Хожабеков, Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары Улбосын Сейтжанова, Айша Абдреймова ҳәм басқалар сөзге шығып, партия алдында турған әҳмийетли мәселелербойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

ϴзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Сиёсий Кеңесиниң баслығы Робахон Маҳмудованың қатнасыўындағы ушырасыўлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги