Орайлық Азия халықаралық институты (ОАХИ)нда Америка Қурама Штатлары ныӊ Өзбекстандағы диломатиялық миссиясыныӊ басшысы Жонатан Хеник пенен ушырасыў болып өтти.

Сәўбет алдынан Хеник ОАХИ басшылығы менен дәслепки мәрте ушырасып атырғанын атап өтти. Дипломат институттыӊ илимий-изертлеў жумысы, 2024-жылға мөлшерленген халықаралық илажлардыӊ кестеси менен танысты.

Тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиӊ бүгинги жағдайы ҳәм перспективасын, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелерди, “С5+1” форматы шеӊберинде Орайлық Азиядағы процессти додалады.

Өткен жылы Нью-Йоркта болып өткен “С5+1” мәмлекет басшыларыныӊ биринши тарийхый саммити жуўмақлары атап өтилди. Елшиниӊ айтыўына бола, бул платформа өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған турақлы шерикликке шараят жаратады.

Усы көзқарастан Орайлық Азия мәмлекетлер ҳәм АҚШтыӊ қәўипсизликти беккемлеў, экономиканы күшейтиў, турақлы раўажланыўды қоллап-қуўатлаў, климат өзгериўине қарсы гүресиў  ҳәм пүткил региондағы тынышлықты беккемлеўге садықлығы атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Хеник еки мәмлекеттиӊ “ақыл” орайлары дәрежесинде өз-ара қатнасық орнатыўдыӊ зәрүр екенин атап өтти, АҚШ тыӊ жетекши аналитикалық шөлкемлери, атап айтқанда Атлантика кеӊеси, Тынышлық институты, Кәспий сиясаты орайы ҳәм Орайлық Азия жумыслары бойынша Оксус жәмийети менен тиккелей байланыс орнатыўға жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Ғ.Хонназаров, ӨзА