Депутатлық топарда бәнтлик мәселеси додаланды

174

Ҳәзирги ўақытта орынларда өткен жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм быйылғы жылы орынланыўы тийис ўазыйпаларға бағышланған депутатлық тыңлаўлар өткерилмекте. Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги мәжилисте Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлиминиң баслығы  А.Алламбергеновтың бөлим тәрепинен өткен жыл даўамында исленген жумыслары бойынша есабаты тыңланды.

Бөлим тәрепинен 2023-жылы кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында 4723 жаңа жумыс орынларын жаратыў белгиленген болып, әмелде 6229 орынға (132 %) орынланған. Жумыссыз пуқараларды турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлеў бойынша бөлим тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылған. 2024-жыл даўамында 2566 пуқараны турақлы жумысқа орналастырыў  режелестирилген.

Район ҳәкимлиги, прокуратура, районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен өткен жылдың январь-декабрь айы даўамында 12 мийнет ярмаркасын өткериў режелестирилген болып, декабрь айының жуўмағы менен 9 мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилген. Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасында 106 пуқара жумысқа орналасыў ушын жоллама алған болса, соннан 104 пуқара турақлы жумыс орынларына орналастырылды. 22 пуқараның үй шараятында бәнтлиги тәмийинленип,   162,0 миллион сумлық субсидия ажыратылды.

«Жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў, олардың билимин арттырыўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы реже тийкарында 2023-жылдың январь-декабрь айлары аралығында жумыссыз пуқаралардан 1317 си кәсипке қайта таярлаў ҳәм қайта оқытыўға жиберилди.  Сондай-ақ, мәҳәллелерде әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 9 ай даўамында район бойынша 460 юридикалық  ҳәм 234 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилип, жаӊа жумыс орынлары шөлкемлестирилди ҳәм мәҳәллелерде жумыссыз болған пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеўге ерисилди.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлардың пикир-усыныслары тыңланып, алдағы ўазыйпалар белгиленди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги