Бас министр Қазақстанға барды

135

Бүгин, 2-февраль күни Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң делегациясы Евроазия ҳүкиметлераралық кеңеси ҳәм санлы форумда қатнасыў ушын Қазақстан Республикасының Алмаата қаласына келди.

Сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаиловтың басшылығында еки мәмлекет ҳүкиметлераралық делегацияларының ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлар, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхында жедел раўажланып атырғаны, мәмлекетлеримиз басшылары көп тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп бергени атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында барлық тараўда унамлы өсиў динамикасы бақланбақта.

Атап айтқанда, өткен 7 жылда товар алмасыў көлеми 2 еседен асламға артты.

Экономиканың түрли тармақларында әҳмийетли биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.

Транспорт ҳәм энергетика тараўындағы  бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлести.

Регионлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў және де кеңейип атыр.

Ушырасыўда күн тәртибиндеги усы ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысқан.

Қарақалпақстан хабар агентлиги