Бир нураный он жасқа жуўапкер

Бүгинги мәлимлеме технологиялары жедел раўажланған дәўирде жаслар тәрбиясына айрықша итибар қаратыў әҳмийетли болып есапланады. Бунда шаңарақтан тысқары, қоңсы-қоба, мәҳәлле, оқыў орынлары менен биргеликте жас үлкен нураныйларымыздың да жасларға беретуғын тәрбиясы айрықша орын тутады. Себеби, өмир тәжирийбесине ийе болған нураныйларымыздың ақыл-кеңеслери жаслар ушын турмыслық мектеп есапланады.
Бул бағдарда мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-марттағы «Кексе әўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың социаллық белсендилигин арттырыўға бағдарланған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында «Бир нураныйға он жас» принциплери бойынша мәҳәллелерде нураныйларға жаслар бириктирилип, бир қанша илажлар алып барылмақта.
Тақыятас районындағы «Кенегес» АПЖ ҳәм «Қусшылық» МПЖ дан бириктирилген нураныйлар менен жаслар арасында болып өткен дөгерек сәўбети усы бағдарға тийкарланып, онда қатнасқан нураныйлар жасларға жат иллетлерден, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардан жырақ жүриў, шаңарақлардағы ажырасыўлардың алдын алыў, елимиздиң раўажланыўы жолында жәмийетлик белсендилигин арттырыў бойынша ақыл кеңеслерин берди.



-Нураныйлар менен жаслардың ушырасыў кешелериниң өткерилиўи жақсы жолға қойылмақта. Жасы үлкен нураныйлардың ақыл-кеңеслерин алған жаслар өмирде өз жолларын табыўға дурыс бағдар алады. Бул бағдардағы сәўбетлерди көбейтиў жаслар тәрбиясына унамлы тәсир көрсетеди,-дейди «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйынынан бириктирилген нураный Е. Аметова.
Илаж даўамында нураныйлар жаслар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги