Президент Шавкат Мирзиёев 1-февраль күни металлургия кәрханаларын раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.
Наўайы кән металлугрия комбинаты, Олмалық кән-металлургия комбинаты, Өзбекстан металлурия комбинаты ҳәм “Наўайыуран” мәмлекетлик кәрханасы мәмлекетимиз экономикасында үлкен орын тутады. Соӊғы жыллары бул төрт кәрханаға 7 миллиард 400 миллион доллар инвестиция киргизилди. Соныӊ нәтийжесинде алтын өдириў көлеми 23 процент, мыс 41 процент, гүмис 60 процентке артты. Наўайы комбинатында жаӊа кәнлер өзлестирилди. Өзметкомбинат ҳәм “Наўайыуран”да да өндирис көлеми көбейди.
Улыўма, өткен 6 жылда усы кәрханалардыӊ жәми санааттағы үлеси 10 проценттен 17 процентке, бюджет түсимлеринде болса 11 проценттен 25 процентке артқан.
Бизге белгили, 2030-жылға шекем мәмлекетимиз экономикасы көлемин 2 есеге арттырыў мақсет етилген. Соныӊ менен бирге, дүньяда күшейип баратырған бәсеки жаӊа ўазыйпалар қоймақта. Бул шараятта усы төрт компанияныӊ нәтийжелилигин арттырыў үлкен әҳмийетке ийе.
Презентацияда жуўапкерлер өндиристи және де көбейтиў ҳәм инвестициялар тартыў бойынша режелерин билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы сырт елли экспертлерди тартыў, комбинатларды санлы трансформациялаў, онда “жасыл” технологияларға айрықша итибар қаратыў зәрүр екенин атап өтти. Инвестицияларды өзлестириў ҳәм жаӊа жойбарларды жеделлестириў бойынша анық көрсетпелер берилди.
Өндиристе операциялық қәрежетлер ҳәм энергиядан пайдаланыўды оптималластырып, өзине түсер баҳасын қысқартыў ўазыйпалары қойылды. Сондай-ақ, комбинатларда мийнет өнимдарлығын арттырыў, басшы ҳәм қәнигелердиӊ жумысына нәтийжелилик көрсеткишлерин (KPI) енгизиўдиӊ әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА