Нызамсыз алып келинген 108,5 миллион сумлық өним жоқ етилди

Мәмлекетимизде халықты инсанныӊ денсаўлығына кери тәсир етпейтуғын сапалы өнимлер менен тәмийинлеў, усы арқалы олардыӊ саламатлығын қорғаў бағдарында кеӊ көлемли жумыслар алып барылмақта.
Бирақ соған қарамастан, шегараларымыз арқалы ҳеш қандай ҳүжжети болмаған, сапасы кепилленбеген сырт еллерде ислеп шығарылған өнимлерди алып келиў жағдайлары еле де болса ушырасып турады. Атап айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлиминиӊ ис жүргизиўинде болған, жынаят ислери бойынша судлардыӊ қарарларына тийкарланып, Мәмлекетлик бажыхана уйымлары ҳәм Бас прокуратура жанындағы Департамент тәрепинен алып қойылған 18 түрдеги өнимди жоқ етиў белгиленген еди.
Усы суд қарарларыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Нөкис қалалық бөлиминиӊ хызметкерлери тәрепинен алып барылған орынлаў ҳәрекетлериниӊ нәтийжесинде жоқ етилиўи белгиленген жәми 108,5 миллион сумлық 1 мыӊ 730 дан аслам товар-материаллық байлық тийисли мәкемелер хызметкерлериниӊ қатнасыўында жоқ етилип, суд қарарларыныӊ орынланыўы әмелде тәмийинленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги