Қурылыс объектин алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды

210

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда исбилерменге қурылыс объектин алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды

Атап айтқанда пуқара И.Р. “Н.Қ.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ баслығы А.Н.ныӊ исенимине кирип, оған  72 миллион сумға жоқары лаўазымда ислеўши танысларыныӊ жәрдеминде Нөкис қаласыныӊ аймағынан 900 миллион сумлық қурылыс объектин алып беретуғынын айтады. Исбилерменлик субъектлериниӊ ҳуқықларын қорғаў бойынша өткерилген оператив илажда алдын ала  20 миллион сумды алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги