Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбе сарайында “Шуҳрат” медалының ийеси, Қарақалпақстан халық художниги, Өзбекстан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, академик Сарсенбай Байбосиновтың “Позитив” атамасындағы жеке көргизбеси ашылды.
Көргизбеге художниктиң 100 ге шамалас түрли жанр ҳәм усылларда ислеген картинасы қойылды.
С.Байбосинов жеке көргизбеси арқалы ҳәр қыйлы жыллары орынланған, живопись, графика көрнисиндеги белгили бир бағдардағы композицияларын, сондай-ақ, кейинги дәўирде исленген бир қатар жумысларын тамашагөйлерге, сүўретлеў өнери ықласбентлериниң дыққатына усынбақта. Бул картиналар түрли көлемде, түрли тематика ҳәм ислеў усылларында жаратылған болып, художниктиң дүнья, турмыс, инсан рухый дуньясының сырлы қатламлары барысындағы ой-пикирлери, тәбият ҳәм дүньяны бақлаўлары натийжеси ретинде түрли бояўлар ҳәм көлемлер аркалы көрсетилген.
Көргизбени өткериўден тийкарғы мақсет, тамашагөйлерди ҳәм тийкарынан жасларды белгили художниктиң дөретпелери менен жақынан таныстырыў арқалы сүўретлеў өнерине болған қызығыўшылығын арттырыў, шеберлик пенен исленген реңлер гармониясы арқалы тамашагойлерге эстетикалық заўық бағышлаўдан ибарат.
Картиналарында бизди қоршаған дүнья өзгеше бир жарықлық пенен толып-тасып турған сыяқлы. Ол өз жумысларында әжайып реңлер менен толтырылған таң қаларлық дүньяны жаратады. Ҳәттеки қуяш та оның дөретпелеринде айрықша жақтылық таратады.
Көплеген талантлы ҳәм тәжирийбели дөретиўши инсанлар сыяқлы ол бәрқулла изленисте, өз үстинде ислеў менен бирге жеке өзине тийисли болған ислеў усылын таба алған ҳәм оның ҳәр бир картинасын алжаспай таный аламыз.Оның сүўретлери қәнигелерди де, әпиўайы ықласбентлерди де қызықтырады. Олар ҳәммеге түсиникли, жақын ҳәм өмирди түрли реңлер арқалы көрсете алыўы менен адамды қуўантады. Художниктиң картиналары сырлылығы, унамлылығы, реңлериниң өзгешелиги менен ажыралып турады.
Художник С.Байбосинов республикамыздағы ҳәм көплеген сырт ел көргизбелериниң қатнасыўшысы. 1993-жылдан баслап ол Өзбекстан художниклериниң дөретиўшилик бирлеспеси ағзасы. Оның жумыслары Өзбекстан Көркем-өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбе сарайы фонды, Республикамыз мәмлекетлик музейлеринде ҳәм бир қатар сырт еллерде ҳәм жергиликли халық арасындағы жеке коллекциялардан орын алған. Усы жыллар даўамында ол юбилей ҳәм жеке көргизбелерин шөлкемлестирди.
ϴзиниң бийғәрез хызметлери ушын художник С.Байбосинов көплеген сыйлықларға сазаўар болды, ол Өзбекстан Көркем өнер академиясы дипломлары, Өзбекстан Көркем өнер академиясының Алтын медалы, “Шуҳрат” медалы (2002 жылы), Қарақалпақстан халық художниги (2016 жылы), Өзбекстан Көркем-өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, академик (2018 жылы) атақлары ҳәм дәрежелерине ийе болды.
Мийнеткеш художник, шебер устаз өз дөретпелери арқалы жас әўлад тәрбиясына өзиниң бийминнет үлесин қосып келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери