Бирге ислесиў жақсы нәтийже бермекте

182


«Қарым-қатнас кәмилликке жетеклейди»

 Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 28-февральдағы ПП-27-cанлы пәрманы менен белгиленген әҳмийетли ўазыйпа «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» принципине тийкарланып ислеп шығылған жети әҳмийетли бағдардан ибарат 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның тараўлардағы орынланыўы қай дәрежеде болды?

Биз Өзбекстан ветеранларының жәмийетлик жумысларын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Турсынбай Абдижаббаров пенен бөлим тәрепинен усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы сәўбетлестик.

  • Нураныйларды қоллап-қуўатлаў бағдарында исленген жумыслар, олардың жәмийетте, турмысымызда тутқан орны ҳаққында айтып өтсеңиз.

– Мағлыўматларға тийкарланып айтатуғын болсақ, 2023-жыл 30-декабрь ҳалатына Қарақалпақстан Республикасында 248573 пенсионер есапқа алынған. Соннан, жасқа байланыслы пенсионерлердиң саны 161271, соның ишинде, екеўи екинши дүнья жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплары, 167 си мийнет фронты ветеранлары (ҳаяллар 117), жигирма бири 100 ҳәм оннан үлкен жастағылар болып есапланады. Сондай-ақ, 1607 cи жалғыз баслы, жеке өзи жасаўшы ҳәм майыплығы болған инсанлар, соннан, 376 сы жалғыз баслы кекселер болып есапланады. Жеке өзи жасайтуғын үйинде социаллық хызметке алынған кекселердиң саны 1231 ди қурайды.

Бөлимимиз тәрепинен өткен жыл даўамында өз ўазыйпалары шеңберинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Мәселен, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-марттағы ПҚ-167-санлы қарарына муўапық, «Нураный» қорының қаржылары есабынан ҳәр жылы бир мәрте басқалардың күтимине мүтәж жалғыз баслы ҳәм жеке өзи жалғыз жасайтуғын кекселерди санаторийларда бийпул саламатландырыў ҳәм Президентимиздиң 2023-жыл 11-март күнги ПҚ-92-санлы қарарына муўапық нураныйлар ҳәм ветеранлар, әсиресе, басқалардың күтимине мүтәж жалғыз баслы кекселердиң машқалаларын үйренип, оларды шешиў илажлары көрилди.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 177 жалғыз баслы ҳәм жеке өзи жалғыз жасайтуғын кекселер, соннан, 6 герең, сақаў, көриўинде нуқсаны бар кекселер «Тақыятас» санаториясында ҳәм Қоңырат районындағы Өзбекстан темир жоллары акционерлик жәмийетиниң денсаўлықты сақлаў хызмети «Қоңырат санатория-профилакториясы»нда бийпул саламатландырылды. Қордың қаржылары есабынан 365,3 миллион сум қаржы усы санаториялардың есап бетине өткерилип, олардың мазмунлы дем алыўына шараят жаратылды.

Республикамыздағы басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз баслы ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселерди руўхый ҳәм психологиялық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетиндеги жумысларға тийисли қәнигелер менен жаслар да қатнастырылып, бирге ислесиў жолға қойылды. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 938 маман психологларынан ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң 897 белсенди жасларынан ибарат волонтёрлық топарлар қәлиплестирилди. Олар тәрепинен ҳәр айда кеминде бир мәрте басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз баслы ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселердиң жағдайынан хабар алыў системасы жолға қойылды.

Қәўендерлердиң қаржылары есабынан ҳәм волонтёрлық топарлар тәрепинен 24 жалғыз баслы кексениң, 65 жалғыз жасаўшылардың турақ жайлары ҳәм олардың жасайтуғын бөлмелери оңлап берилди.

Өткен жыл даўамында «Кекселер ҳәптелиги» ҳәм «Кекселер туризм айлығы»нда 1062 жалғыз баслы ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселердиң жағдайынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери берилип, 244 и зәрүр дәри-дәрмақлар менен тәмийинленди. Ал, «Әсир менен жүзбе-жүз» илажлары шеңберинде 100 ҳәм оннан үлкен жастағы 2 жалғыз баслы ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселердиң жағдайынан хабар алынды ҳәм бул илажларға мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерден 6 қәўендер де қосылды.

Мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен 206, қор есабынан 3 нураный майыплық арбашасы менен, мәмлекетлик шөлкемлерден 286, қор есабынан 32 нураный еситиў үскенеси, мәмлекетлик шөлкемлерден 335 нураный ҳаса ҳәм қолтық таяқлар менен тәмийинленди.

Сондай-ақ, шараяты аўыр ҳәм кем тәмийинленген кекселерге шыпакерлердиң рецептлерине тийкарланып, олардың 3 айлық мүтәжлигинен келип шығып дәри-дәрмақ, медициналық ҳәм арнаўлы үскенелер алып берилип, хирургиялық операцияларының қәрежетлерин қаплаў бойынша қор есабынан 3 нураныйға 7 миллион 722 мың 750 сумлық қаржы толық төлеп берилди.

Дурыс, нураныйлар жәмийетимиз ҳәм күнделикли турмысымызда жүз берип атырған ўақыяларда, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жаңаланыўларда, әлбетте, өз орнына ийе инсанлар. Олардың берген кеңеслери, өмирлик тәжирийбелери ҳәр биримиз ушын оғада әҳмийетли. Сонлықтан да оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мақсетте республикамыз басшылары, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары ҳәм ўәкиллериниң қатнасыўында «Ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмасын» сүрени астында социаллық қорғаўға мүтәж болған кекселер ҳәм ветеранлар, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм урыс арты мийнет ветеранларының жағдайынан үзликсиз түрде хабар алынбақта.

Урыс ҳәм мийнет ветеранларына, өзгелердиң күтимине мүтәж жалғыз баслы ҳәм жалғыз жасаўшы кекселерге, соның менен бирге, мәҳәллелер кесиминде үйинде жатып қалған мүтәжлиги бар шаңарақлардағы кекселердиң машқалаларын шешиўге ҳәм материаллық жәрдем сорап мүрәжат еткен 532 мүтәжлерге 235 миллион 260 мың сумлық нақ пуллардың берилиўи «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен әмелге асырылды.

Бөлим тәрепинен кекселердиң денетәрбиясы ҳәм спорт бағдарындағы мәкемелердеги абономент қәрежетлерин қаплаў бойынша 3 нураныйға 1 миллион сумлық қаржы шәртнама тийкарында спорт комплекслерине өткерип берилип, олардың денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўына шараят жаратылып берилди.

Өткен жылғы «Наўрыз» улыўма халықлық байрамында «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминен 363 ветеранға 108,9 миллион сумлық, қәўендерлер тәрепинен 765 пуқараға 83,1 миллион сумлық ақшалай материаллық жәрдемлер көрсетилди. Ал, 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни 40 ветеранға 12 миллион сумлық, қәўендерлер тәрепинен 468 пуқараға 68,9 миллион сумлық ақшалай материаллық жәрдемлер көрсетилди. Рамазан ҳайыты ҳәм Қурбан ҳайыты байрамларында да қәўендерлердиң есабынан 20480 кем тәмийинленген шаңараққа ҳәм кекселерге 2214 миллиард сум муғдарында материаллық жәрдем көрсетилди.

Нураныйлардың республикамыздағы дыққатқа ылайық орынларға, атап айтқанда, тарийхый қалалар, естеликлер, зыярат орынлары ҳәм басқа да пайызлы жерлерге жыл даўамында саяхаты әмелге асырылды.

«Кекселер ҳәптелиги» ҳәм «Кекселер ушын туризм айлығы»нда  дыққатқа ылайық орынлардың дизими қәлиплестирилип, бүгинги күнге шекем  61 мың 315 кем тәмийинленген шаңарақта жасаўшы кекселер, белсенди нураныйлар, басқалардың күтимине мүтәж жалғыз баслы ҳәм жалғыз жасаўшы кекселердиң бийпул саяхатлары шөлкемлестирилди. Бул ушын кәрхана ҳәм шөлкемлер, кәсиплик аўқамлары, мәмлекетлик мәкемелердиң қәўендерлиги есабынан 244 миллион 580 мың сум қаржы жумсалды.

2023-жыл 1-августтан 30-августқа шекем «Кекселер саламатлығы айлығы» жәрияланып, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен амбулатор-поликлиника мәкемелеринде 161521 нураный медициналық тексериўден өткерилип, оның нәтийжесинде 15592 нураныйда неврологиялық, 22415 нураныйда кардиологиялық, 10117 нураныйда офталмалогиялық, 8525 нураныйда урологиялық, 12990 нураныйда эндокринологиялық, 40851 нураныйда басқа кеселликлер анықланып, жәми 110 490 нураный саламатландырылды.

– Нураныйлардың мәҳәллелерди раўажландырыўдағы ролин арттырыў, олардың жаслар менен байланысын жетилистириў мақсетинде қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-марттағы «Кексе әўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, «Бир нураный он жасқа жуўапкер» принципи бойынша республикамыздың барлық мәҳәллелериндеги жаслар ҳәр бир мәҳәлледеги турмыслық тәжирийбеге ийе болған, заманагөй пикирлейтуғын 624 белсенди нураныйға, мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери «Кекселер мәсләҳәти» топарлары менен биргеликте қәлиплестирилген дизимлер тийкарында 5485 жәмлеспеген ҳәм машқалалы жаслар нураныйларға бириктирилди.

Жаслар арасында әмелге асырылған үгит-нәсият ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлары даўамында, жәми 5294 жастың машқаласы шешилип дизимнен шығарылды. Бирге ислесиўлер унамлы нәтийже берип, 3151 жас жумысқа орналастырылды, 1888 жас кәсипке бағдарланды, 95 жастың оқыўға қатнасыўы жақсыланды ҳәм 160 жас профилактикалық дизимнен шығарылды.

Республикамыз бойлап «Үш әўлад ушырасыўлары», «Ата қаҳарманлығы – ибрат үлгиси» атамасында ушырасыўлар өткерилип, шаңарақларды беккемлеў, миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилди.





Улыўма билим бериў мектеплеринде пийшемби күнлери «Нураныйлар тәрбиялық саатлары»н өткерип барыў бойынша нураныйлар жәмийетлик кеңеслери ҳәм мәҳәллелердеги «Кекселер мәсләҳәти» топарларының ағзалары ҳәм басқа да белсенди нураныйлардан ибарат 2139 нураныйдың дизими мәҳәлле кесиминде қәлиплестирилип, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте аймақлардағы барлық 721 улыўма билим бериў мектеплерине бириктирилди.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентлиги