«Wikipedia»да қарақалпақ тилиндеги материалларды қалай көбейтиўге болады?

396

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында интернет глобаллық тармағындағы ашық электрон энциклопедия есапланған «Wikipedia»да қарақалпақ тилиндеги сапалы контентти көбейтиў мәселелерине арналған «Ана тилим, сен қамсықпа, биз бармыз» атамасындағы семинар шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында НМПИ баспасөз хызмети хабар берди.

Семинарда қарақалпақ тилиндеги «Wikipedia» жойбарының волонтёрлары есапланған Инабат Алланова, Шахноза-Бану Абдуллаева, Рабиға Шабатова ҳәм Данияр Юлдашевлар ашық энциклопедияға мағлыўматларды жайластырыў тәртиби ҳәм өзгешеликлери ҳаққында мағлыўматлар берди.



Қарақалпақ тилиндеги «Wikipedia» 2008-жылы 26-майда жаратылған болып, ҳәзирги ўақытта ҳәр түрли тематикадағы 4300 ге шамалас мағлыўматлар орын алған. Бүгинги күнде интернетте қарақалпақ тилиндеги мағлыўматларды көбейтиў әҳмийетли мәселелердиң бири болып табылады. Бундай ийгиликли басламаға институт студентлери де өз үлесин қосыў ушын ҳәрекет етпекте.

Илажда студент-жаслар қарақалпақ тилиндеги «Wikipedia» жойбары ҳәм оны буннан былай да жетилистириў ҳаққында өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги