Қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған  ойынлардың зыянлы ақыбетлери түсиндирилди

473

Нөкис әскерий прокуратурасы, Нөкис әскерий суды ҳәм Арқа-батыс әскерий округи  әскерлери сәркардалығы     басламасы менен Нөкис горнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында «Қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған ойынларда нызамға қайшы рәўиште қатнасқанлығы ушын ҳәкимшилик жынайый тийкарлары» атамасында профилактикалық сәўбет болып өтти.

Илажда Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Улуғбек Абдираҳимов, Нөкис әскерий суды баслығы Пурханиддин Акимниязов, Нөкис қаласындағы  «Сәлмен ийшан» жоме мешити имамы И.Копабаев ҳәм басқа да қәнигелер қатнасып, горнизондағы әскерий хызметшилерге дүнья бойынша тез раўажланып атырған ҳәм  көпшиликке материаллық зыян келтирип киятырған қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған онлайн ойынлардың зыянлы ақыбетлери, оларды ойнаған шахсларға нызамшылықта белгиленген жаза ҳаққында мағлыўмат берилди. Әне усындай иллетлердиң қарамағына түсип қалғанлардың аянышлы ақыбети, психологиясында болып атырған өзгерислер, экономикалық бойсыныўға түсип қалыў жағдайлары айқын мысалларда түсиндирилди.


Еслетип өтемиз, қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойын-бул ойын шөлкемлестириўшиси тәрепинен бир яки оннан артық қатнасыўшылар менен күтилмеген ўақыяға ҳәм (яки) ойын қатнасыўшысының қәбилети, епшиллиги ҳәм басқа сыпатларына байланыслы табыс ҳаққында дүзилген, тәўекелшиликке тийкарланған келисиўге муўапық әмелге асатуғын процесс есапланады.

Ашынарлысы, бүгинги күнде интернетте миллий үрп-әдетлеримиз ҳәм менталитетимизге жат болған қумар иллети азарт ойынларын жақтыратуғынлар қатарын кеңейтип, түрли онлайн тоталитазатор ойынлар көринисинде пайда болмақта.

Қәўетерлиси, орта жастағылар ҳәм бундай ойынларда көп муғдардағы пулларды тәўекелге тигип, утыс есабынан усы пулларды алдаўшылардың қолына өз қәлеўи менен тапсырып атыр. Қарызға яки банктен алынған кредит пулларын утқызғаннан кейин оларды төлеў ушын урлық ҳәм басқа түрдеги аўыр жынаятларды ислеген жағдайлары бәршемизди сергек болыўға шақырады.

Қалаберсе,  қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынлар ушын нызамшылықта ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик нәзерде тутылған болыўына қарамастан, интернет тармағы арқалы пайдаланыўшылар ушын түрли реклама ҳәм басқа усыллар  менен кирип келиўи тәшўишли жағдай болмақта. Тараў қәнигелери тәрепинен алып барылған изертлеўлерге қарағанда, бундай ойынлар инсанда бойсыныўшы ҳәм психологиялық кеселликлерди  жүзеге келтирип, көп дәрамат табыў жолында қайта, қайта ойнаў ушын пулды ҳәр түрли жоллар менен табыўды ойлап  жүреди.

Сәўбет даўамында ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери әскерий хызметкерлери әне усындай айдаўшылықлардан сергек болыўға, перзентлери тәрбиясына итибар қаратыўға шақырды.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына  жуўап алды.

Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги