“Ҳеш бир шахс ҳүжжетсиз қалмайды” ҳуқықый акциясы даўам етпекте

323

Әдиллик уйымларыныӊ тиккелей халықтыӊ мәселелерин шешиў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиў  бойынша жумысларын жетилистириў, пуқаралардыӊ усы өзгерислерди өз турмысында сезиниўин тәмийинлеў мақсетинде усы жылдыӊ 20-январынан 20-мартына шекем республикамыз бойлап “Ҳеш бир шахс ҳүжжетсиз қалмайды” ҳуқықый акциясы өткерилмекте.

Акция шеӊберинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниӊ биринши орынбасары А.Преновтың басшылығында Шоманай районында болып, бир қатар илажлар өткерилди. Атап айтқанда Наўрыз аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы бир пуқараға саз әсбапларын таярлаў бойынша өнерментшилик пенен шуғылланыў ҳуқықын бериўши  исбилерменлик гүўалығы тапсырылды. Буннан тысқары, Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқараныӊ Қазақстан Республикасында туўылған еки перзентине усы күнге шекем ала аламай жүрген туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықлары берилди.

Мамый аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқара 1990, 1992, 1997-жыллары қайтыс болған үш перзентиниӊ өлими ҳаққындағы гүўалығын усы күнге шекем ала алмай келген.. Бул бойынша керекли ҳүжжетлер топланып, пуқаралық ислери болйынша Қоӊырат районлар аралық судыныӊ бийлиги менен өлим ҳаққындағы гүўалықлар рәсмийлестирилип, пуқараға тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниӊ орынбасары М.Абдижалиевтың басшылығында Тахтакөпир районы әдиллик бөлими тәрепинен бир қатар илажлар өткерилди.

Атап айтқанда, район орайында жасаўшы пуқараға көптен берли машқала болып киятырған әкеси ҳәм анасыныӊ алынбай қалған өлими ҳақындағы гүўалығы тапсырылды. Буннан тысқары, Мүлк аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы ерли-зайыплар пуқаралық паспортларын жойтып алғанлығы себепли усы күнге шекем нызамлы некеден өте алмаған. Акция даўамында оларға пуқаралық паспорты алып берилип, нызамлы некеден өткенлиги ҳаққында гүўалық тапсырылды. Усы аймақта жасаўшы және бир пуқараныӊ перзентине жойтып алған туўылғаны ҳаққындағы гүўалығы қайта ҳүжжетлестирилип, жаӊасы алып берилди. Мүлк аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқараныӊ үйиниӊ ҳүжжетлери өрт нәтийжесинде жанып кеткен. Оныӊ ҳүжжетлери қайта рәсмийлестирилип, шаӊарағына алып барып тапсырылды.



Акцмя шеӊбириндеги бундай илажлар республикамыздыӊ басқа районларында да даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги