Аўыллық мектепке IТ үскенелери тапсырылды

247

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ Раўажланыў Бағдарламасыныӊ “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” жойбары тийкарында Төрткүл районы Отаюрт аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  9-санлы улыўма билим бериў мектебине улыўма баҳасы 122 миллион сумлық  IТ үскенелери тапсырылды.

 “Инфраструктураны басқарыў тараўында инженерлик хызметлери ҳәм потенциалын арттырыў” Б компоненти биргеликтеги жойбары шеӊберинде өткерилген илажда Ислам раўажланыў банки ҳәм  ОПЕК халықаралық раўажланыў қорыныӊ қаржылары есабынан тапсырылған  15 заманагөй компьютер комплекти,  интерактив тахта ҳәм қосымша қурылмалардан ибарат IТ үскенелеринен мектеп оқыўшылары енди информатика пәни бойынша ҳәм IТ тараўындағы билимлерин беккемлеп, жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланады. Қәнигелердиӊ атап өткениндей, жақын күнлерде республикамыздан және бир мектепке усындай IТ үскенелерин тапсырыў режелестирилген.



Еслетип өтемиз, Ислам раўажланыў банки ҳәм  ОПЕК халықаралық раўажланыў қорыныӊ қатнасындағы “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” жойбары республикамыздан тысқары Бухара, Хорезм ҳәм Наўайы ўәлаятларыныӊ 20 районындағы 170  пуқаралар жыйыны аймағында әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги