Қаракалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасында Президентимиз тәрепинен усы жылдыӊ 19-январь күни қол қойылған Өзбекстан Республикасыныӊ “Жол ҳәрекети ҳаққында”ғы нызамыныӊ мазмун-мәнисине бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Онда жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығыныӊ биринши орынбасары Р.Мадреймов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жаӊа нызамныӊ мазмун-мәниси менен таныстырды.

Жаӊа Нызам жол ҳәрекети қәўипсизлигиниң алдын алыў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәмлекетимиз жолларында инсан өлимин кескин азайтыў мақсетинде қабыл етилгенлиги, бул бойынша тийисли министрликлер менен шөлкемлерге анық ўазыйпалар белгилеп берилгени атап өтилди. Жаӊа Өзбекстан шараятында Жол ҳәрекетин шөлкемлестириўге байланыслы нормаларды өз ишине алған 7 бап ҳәм  58 статьядан ибарат Нызамныӊ барлық статьялары қайта көрип шығылып, жаӊадан 30 статья ҳәм 201 норма киргизилди.

Нызамныӊ және бир әҳмийетли тәрепи, бүгинги күнниң баслы машқаласы ҳәм бир неше жол-транспорт ҳәдийселериниӊ жүз бериўине себепши болып турған оӊлаў жумыслары алып барылып атырған жол участкаларында жол ҳәрекетин шөлкемлестириў мәселеси өз шешимин тапты. Яғный жолдыӊ оӊланып ҳәм реконструкцияланып атырған участкаларында қатнаў бөлеги көби менен елиў процентинде транспорт ҳәрекетин шеклеў ямаса жабыў анық көрсетилген. Соныӊ менен бирге, Нызам менен тоқтап турыў орынларына қойылатуғын талаплар белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, транспорт министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Бажыхана комитети, жергиликли ҳәкимият уйымларыныӊ бул тараўдағы ўәкилликлери анық белгиленгенлигин айрықша атап өтиў орынлы.

Соныӊ менен бирге, илажда өткен жыл даўамында республикамыз аймағында жүз берген жол-транспорт ҳәдийселери ҳәм олардыӊ алдын алыў бойынша  исленген жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.



Атап өтилгениндей, 2023-жыл даўамында республикамыз аймағында 501 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген болса, соннан 105 пуқара набыт болған, 478 пуқара жарақат алған. Президентимиздиӊ 2022-жыл 12-июльдеги “2022-2026-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген “Қәўипсиз ҳәм тегис жол” улыўма миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарына муўапық  2023-жылы 102 мектеп, 70 балалар бақшасында майданша исленген болса, быйылғы жылы 136 мектеп, 90 балалар бақшасында жол ҳәрекети қағыйдаларын үйретиўши класс ҳәм майданшалар ислениўи режелестирилген, Өткен жыл даўамында авария көп ушырасқан қала ҳәм районлардағы тийисли орынларға 272 баннер орнатыллы. Жолларда қағыйдабузарлықларды анықлаў бойынша 59 дана радар, 8 дана мулти радар ҳәм еки дана ЕКЭН-G-2 патруль автомашинасы ислеп турған болса, быйылғы жылы  23 дана радар орнатылады. 2023-2026-жыллар даўамында 52 дана, соннан 2024-жылы 12-дана, 2025-жылы 12 дана ҳәм 2026-жылы 12 дана таза светофор республикамыздың автомашиналар тығыз ҳәрекет етип атырган орынларынаа орнатылыўы белгиленген. Буннан басқа, усы жылы 7 дана жол көрсетиўши электрон табло орнатылып,  8 жер асты ҳәм жер үсти пиядалар өтиў орны қурып питкериледи.

Илаж қатнасыўшылары жаӊа Нызамдағы өзгерислер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги