1-февральдан айырым напақа муғдарлары арттырылды

Президенттиң усы жылы 31-январьдағы пәрманы менен айырым ҳүжжетлерге өзгерислер киргизилди.
Пәрманға бола, 2024-жыл 1-февральдан төмендеги напақалар муғдары 621 мың сум етип белгиленди:
– зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе пуқараларға напақа;
– жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда;
– басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балаларды тәрбиялаў менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине напақа;
– бағыўшысын жойытқанлық напақасын алыўшылардың биреўи мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа (кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын – 212 000 сум);
– бағыўшысын жойытқанлық пенсиясы алыўшыларының биреўи мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең аз муғдары.
Мағлыўмат ушын, бул муғдарлар рәсмий ең аз тутыныў қәрежетлеринен келип шығып белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги