Өзбекстан – Россия: Ҳүкимтлераралық комиссия шеңберинде киши комитеттиң 13-мәжилиси болып өтти

Ташкент қаласындағы «Жумысқа мәрҳамат» моноорайында Өзбекстан ҳәм Россия Ҳүкиметлераралық комиссиясы шеңберинде киши комитеттиң 13-мәжилиси болып өтти.
Онда Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Беҳзод Мусаевтың басшылығында министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери және Россияның Мийнет ҳәм бәнтлик федераллық хызметиниң баслығы Михаил Иванков басшылығындағы делегация ағзалары қатнасты.
Мәжилисте мийнет инспекциясының жумысын жетилистириў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, Россияда ўақытша жумысын алып барып атырған Өзбекстан пуқараларын мүнәсип ҳәм қәўипсиз мийнет шараятлары менен тәмийинлеў, оларды социаллық қорғаў, турмысы ҳәм денсаўлығын сақлаў, ҳуқықларын қорғаў және бул бағдарда исенимли механизмлерди жолға қойыўға байланыслы бир қатар мәселелер додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги