Жаӊа айдаўшылық гүўалығынан пайдаланған ҳалда пәрўазға дизимнен өтиўге рухсат бериледи.

Министрлер Кабинетиниӊ 2017-жыл 19-июньдағы «Ишки ислер уйымлары системасында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў сапасын арттырыў ҳәм тәптиплерин әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы 389-санлы қарарына тийкарланып жаӊа әмиллий айдаўшылық гүўалығы шахсты тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусына ийе.

Uzbekistan Airports қарамағындағы аэропортлардыӊ жумысы республика транспорт тараўына тийисли ҳүжжетлер, соныӊ ишинде, өзгерис ҳәм қосымшалар менен тәртипке салынады ҳәм жоқары министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен орынлаў ушын жибериледи.

Мағлыўматларға бола, ҳәзирги күнде аэропортларда шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын ҳәм жолаўшыларға олардан пайдаланған ҳалда ишки жөнелистеги рейслерге дизимнен өтиў ҳуқықын беретуғын ҳүжжетлердиӊ (айдаўшылық гүўалығы, туўылғанлығы ҳаққында гүўалық, әскерий гүўалық ҳәм басқалар) жуўмақлаўшы дизимин уйымлараралық тастыйықлаў жумыслары жуўмақланбақта, делинеди Uzbekistan Airports хабарында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги