Қазақстан ҳәм Өзбекстан өз пуқараларыныӊ қоӊсы мәмлекет аймағында дизимнен өтпестен өз-ара болыў мүддетин 5 күннен 30 күнге арттырмақта.

Zakon.kz басылымыныӊ жазыўына бола, 2000-жыл 7-июльдағы пуқаралардыӊ өз-ара саяхат етиў шәртлери ҳаққындағы еки мәмлекет ҳүкиметлераралық келисимге байланыслы өзгерислер киргизиў ҳаққындағы Протокол кеше, 31-январьда Қазақстан парламенти тәрепинен ратификацияланды.

Қазақстан ИИМ министри Эржан Саденовтыӊ билдириўинше, Протоколға 2022-жыл декабрь айында еки мәмлекет басшылары тәрепинен қол қойылған. Бул ҳүжжет еки мәмлекет пуқаралары ушын теӊ тийкарда, ўақытша дизимнен өтпестен, 30 күнлик болыў ҳуқықын белгилеп береди. Усы мүддет өткенинен соӊ олар ўақтыншалық жасаў ушын рухсатнама алыўы керек,-  деп мағлыўмат береди xabar.uz

Бул тәртип қазақстанлылар ушын да әмел етеди, яғный Өзбекстан тәрепи бул ҳүжжетти 2023-жыл 25-апрельде ратификациялаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги