“Өзбекстан-2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманы жойбары кеӊ жәмийетшиликке додалаў ушын жәрияланды.

Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында төмендеги ўазыйпалар белгиленбекте:

— бажыхана аймағында қайта ислеў ҳәм (яки) бажыхана аймағынан сыртта қайта ислеў бажыхана режимлерине товарларды жайластырыў ушын рухсат бериў процесслерин санластырыў;

— мәмлекетлик сатып алыўлар системасында “жасыл” сатып алыўлар әмелиятын енгизиў;

— мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында бәсеки орталығын күшейтиў;

— мәмлекетлик сатып алыўлар процесин санластырыў;

— пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллерин коррупцияға қарсы гүресиўге жедел тартыў;

— мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррпуцияға қарсы ишки қадағалаў структураларыныӊ нәтийжелилигин арттырыў;

— бюджет тараўына байланыслы ҳуқықбузарлық ҳәм қаржы қәтеликлери пайда болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлердиӊ (риск) улыўмаласқан Бирден-бир классификациясын тастыйықлаў ҳәм келешекте бундай қәтеликлердиӊ алдын алыў бойынша жәмийетлик қадағалаўды орнатыў ҳәм ашықлықты тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетиниӊ қарары жойбарын ислеп шығыў.

Додалаўлар усы жылдыӊ 9-февраль күнине шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги