Экономикалық изертеўлер ҳәм реформалар орайы ҳәм Статистика агентлиги тәрепинен 2023-жыл ушын Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежеси талқыланды.

Статистика агентлиги тәрепинен өткерилген 16 мыӊ шаӊарақты бақлаўларға бола, мәмлекетимизде кәмбағаллық дәрежеси 2023-жыл жуўмағында 11,0 процентке шекем төменледи.

Мәмлекетимизде өткен жылға салыстырғанда 3,1 процентке кәмбағаллық қысқарған. 2022-жыл нәтийжелеринде кәмбағаллық дәрежеси 14 процентти қураған. Процесс Жәҳән банки экспертлери тәрепинен тексерилди.

Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша барлық ўәлаятлар атап өтилди: Сырдәрья (19,5% тен 13,8% ке шекем), Әндижан (17,4% тен 11,9%  ке шекем) ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстанда (19,9% тен 13,7% ке шекем) сезилерли дәрежеде қысқарған. Минимал өзгерислер Ташкент қаласы (8,5% тен 7,9% ке шекем) ҳәм Бухара (11.9% тен 11,8% ке шекем), Қашқадәрья (12,7% тен 11,5% ке шекем) ўәлаятларында анықланған.

ӨзА