Сенатта фармацевтика тармағын раўажландырыўға байланыслы ўазыйпалар додаланды

258

Мәжилисте дәри-дәрмақ қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеў мақсетинде дәри-дәрмақ қуралларын көтере (GDP) ҳәм  усақлап сатыўды (GPP) реализациялайтуғын шөлкемлерге зәрүр әмелият стандартларды енгизиў жумысларын системалы жолға қойыў, дәриханалардың жумысын халықаралық талаплар тийкарында шөлкемлестириў зәрүр екени атап өтилди.

Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети мәжилисинде фармацевтика тармағын раўажландырыўға байланыслы ўазыйпалардың орынланыўы бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы бойынша Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги директорының мәлимлемеси тыңланды.

Мәжилисте сенаторлар, эксперт топарларының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң тийисли турақлы комиссиясы баслықлары, министрликлер ҳәм уйымлар және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп мәжилисте фармацевтика тармағын раўажландырыўға байланыслы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизовтың мәлимлемеси тыңланды.

Онда атап өтилиўинше, бүгинги күнде 204 кәрхана фармацевтика жумысы менен шуғылланбақта. Сондай-ақ, дәрилик өсимликлер ҳәм биологиялық актив қосымшалар ислеп шығарыўшы 276 кәрхана бар.

Фармацевтика (дәри-дәрмақ қураллары, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника өндирис) кәрханалары тәрепинен 3922 түрдеги өнимлер таярланып атыр. Атап айтқанда, 3290 түрдеги дәри-дәрмақ қураллары, 468 түрдеги медициналық буйымлар, 84 түрдеги медициналық техникалар ҳәм 80 түрдеги субстанциялар ислеп шығарылмақта.

Ташкент ўәлаяты Зангиата районындағы тутас аймақтан қосымша 80 гектар жер майданын ажыратыў есабынан «Tashkent Pharma Park» фармацевтика кластериниң санаат аймағы кеңейтилди.

Бүгинги күнде фармацевтика санааты бойынша 5 («Бостанлық фарм», «Паркент-фарм», «Әндижан-фарм», «Косонсой-фарм» ҳәм «Замин-фарм») еркин экономикалық зона жумыс алып бармақта.

Додалаўлар процесинде сенаторлар фармацевтика тараўында жаңа өндирис кәрханалары, көтере ҳәм усақлап сатыў шөлкемлери сәйкес түрде «Зәрүр өндирис әмелияты (GMP)», «Зәрүр дистрибьюторлық әмелияты (GDP)» ҳәм «Зәрүр фармацевтика (дәрихана) әмелияты (GPP)» талапларына муўапық түрде шөлкемлестирилмегенине итибар қаратты.

Мәжилисте дәри-дәрмақ қуралларының қәўипсизлиги ҳәм сапасын тәмийинлеў мақсетинде дәри-дәрмақ қуралларын көтере (GDP) ҳәм  усақлап сатыўды (GPP) реализациялайтуғын шөлкемлерге зәрүр әмелият стандартларын енгизиў жумысларын системалы жолға қойыў, дәриханалардың жумысын халықаралық талаплар тийкарында шөлкемлестириў зәрүр екени атап өтилди.

Сондай-ақ, 2022-2026-жылларда фармацевтика тармағын буннан былай да раўажландырыў бойынша «жол картасы»нда белгиленген айырым ўазыйпалардың толық орынланбағаны сенаторлар тәрепинен сынға алынды.

Толық орынланбаған ўазыйпаларды қысқа мүддетте орынлаў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар ўәкиллериниң усыныслары тийкарында илажлар белгилеўге келисип алынды. Буннан тысқары, тийкарғы дәри-дәрмақ қуралларының дизими, тастыйықланған клиникалық протоколлар, усыныслар ҳәм емлеў стандартларындағы усынылған дәри-дәрмақ қуралларының дизими менен муўапықластырыў бойынша әмелий усыныслар берилди.

Буннан тысқары, емлеў-профилактика мәкемелери, дәриханалар ҳәм дәри-дәрмақ қуралларын ислеп шығаратуғын, реализациялайтуғын ҳәм қолланатуғын шөлкемлер тәрепинен дәри-дәрмақ қуралларының қолланылыўы ўақтында унамсыз реакциялар анықланған барлық жағдайлар ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлигин хабардар етиў әмелиятын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкерлери ҳәм «Фармацевтика өнимлериниң қәўипсизлиги орайы» мәмлекетлик мәкеме басшыларының дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлардың қәўипсизлиги және сапасын тәмийинлеў тараўындағы мәлимлемелери де тыңланды.

Өткерилген үйрениў ҳәм додалаўлар жуўмағы бойынша Комитеттиң фармацевтика тармағын раўажландырыўға байланыслы усыныслары сәўлеленген тийисли қарары қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги