Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2023-жыл 29-ноябрь күни өткерилген аўыл хожалығында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суўдың ысырап болыўын азайтыў илажларына байланыслы видеоселектор мәжилисинде бир қатар ўазыйпалар белгиленип, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында 267,7 километрлик магистрал каналларды бетонлаў ҳәм реконструкциялаў жумысларын алып барыў тапсырмасы берилген еди.

Ҳәзирги ўақытта орынларда бул бағдарда бир қатар жумыслар алып барылмақта. Себеби, жылдан-жылға дәрьялардағы суўдың муғдары азайып баратырған бир дәўирде әмелге асырылып атырған бундай илажлар каналлардан, жап-салмалардан атызларға шекем ағып өтетуғын суўдың жолларда сиңип ҳәм парланып кетиўиниң, оның ысырап болыўының алдын алыўға мүмкиншилик жаратады.

Нөкис районындағы «Бозатаў» магистрал каналы 1986-жылы пайдаланыўға тапсырылған болып, оның узынлығы 46,7 километрди қурайды. Каналдың жойбарлық суў өткериўшеңлиги секундына 52,2 километр кубты қураған. Бирақ, соңғы жылларда каналға ылай шөгиўи нәтийжесиде оның суў өткериўшеңлиги секундына 26 метр кубқа шекем түсип, түби 1,8-2,2 метрге шекем ылайға көмилип қалған.

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинен Қарақалпақстанға бириктирилген ўәкил Н.Атакулов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жуўапкер қәнигелери Нөкис районындағы «Бозатаў» каналында әмелге асырылып атырған реконструкциялаў жумысларының жойбар талапларына муўапық алып барылып атырғанын үйренди.

«Қаттағар-Бозатаў» ирригация системасы басқармасы, «Қарақалпақсуўқурылысинвест» МК ўәкиллери ҳәм қурыўшы жумысты бөлип алып ислеўши мәкемелердиң жуўапкер қәнигелери қатнасып, үйрениў даўамында 2024-жылға мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген ирригация-мелиорация илажлары шеңберинде қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларының барысы додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги арнаўлы қарары тийкарында республикамыздағы бир қатар ирригация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары да белгиленген. Соның ишинде, 2024-жылы «Бозатаў» каналының Нөкис районындағы 18,6 километрлик бөлегинде биринши басқыш реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.


– Үйрениў жуўмағында «Қаттағар-Бозатаў» ирригация системасы басқармасының баслығы Д.Усаков, «Қарақалпақстансуўқурылысинвест» МК бас инженери Н.Қайпов, қурылысты техникалық жақтан бақлаў бөлими баслығы Е.Бекниязов ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем «Бунёдкор мерос» ЖШЖ участка баслығы М.Тухтабаевларға белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў ҳәм жетерли муғдарда арнаўлы техника ҳәм жумысшыларды тартыў бойынша тапсырмалар берилди,-дейди Суў хожалығы министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы F.Атажанов.

Ҳәзирги күнге шекем «Бозатаў» каналының 3,26 километрлик бөлегинде топырақ жумыслары орынланды. Объекттеги қурылыс жумысларына жәми 30 арнаўлы техника ҳәм 36 жумысшы-хызметкерлер тартылған.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги