Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы 2023-2024-жылғы гүзги-қысқы мәўсимди шығынсыз өткериў, қыстың қыраўлы күнлеринде жүзберетуғын ҳәр қандай авариялық  жағдайларды сапластырыў, халықты үзликсиз ишимлик суўы, тәбийғый газ, электр энергиясы менен тәмийинлеў, пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатларды унамлы шешиў мақсетинде 2023-жылдың 1-ноябринен баслап күни-түни ислейтуғын штабтың жумысы жолға қойылды.

Бул жерде орнатылған телефон номерлерине келип түскен мүрәжатлар қәнигелер тәрепинен қабыл етип алынады ҳәм тийисли шөлкемлерге жибериледи. Олардағы машқалалардың шешими қадағалаўға алынады.

Мәселен, Қоңырат  районы Қаңлы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы турақ жайда  электр тәмийнатында үзилис жүзеге келди. Усы жайда жасаўшы Дилбар Даниярова Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси жанындағы штабқа мүрәжат етти. Оның мүрәжаты районлық электр тармақлары кәрханасына жиберилди. Бул жерге кәрхананың нәўбетши бригадасы жетип келди. Күнниң суўық болыўына қарамастан тапсырма тез ҳәм сапалы етип орынланды. Нәтийжеде турақ жайда электр тәмийнаты тикленди.

Қыс айларындағы ең үлкен машқалалардың бири бул ишимлик суўы тәмийнатындағы авариялар болып табылады. Нөкис қаласындағы “Қоскөл” елаты “Шымбай таңы” көшесиндеги суў тармағында жарылыў жүзеге келди. Көше турғынлары гүзги-қысқы штабқа мүрәжат етти. Тийисли тараў қәнигелери тәрепинен машқала ўақтында сапластырылды.

–Бул штабтың шөлкемлестирилиўи  халық ушын бираз қолайлық жаратпақта, –дейди Нөкис қаласы Көк өзек мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көп қабатлы турақ жайлардың биринде жасаўшы Ғәзинели Султанова.– Үйимиздеги газ плитасынан газ шығарып турғанын сезгеннен кейин штабға қоңыраў еттим. Тез арада қәнигелер жетип келип, газ плитамызды оңлап берип кетти. Буның ушын тараў қәнигелерине миннетдаршылық билдиремен.

– Гүзги-қысқы штабқа бүгинги күнге шекем 577 мүрәжат келип түскен болса, соннан 576 мүрәжат ўақтында унамлы шешимин тапты, –дейди Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында аймақлық қадағалаў инспекциясының бөлим баслығы, штаб хаткери Камал Авезов. –Штабқа 20  шөлкемнен қәнигелер бекитилген. Ҳәр күни келип түскен мүрәжатлар  тийисли мәкемелерге жеткерилип, орынланыўы қадағаланып барылады. Халықтан келип түсип атырған мүрәжатлардың көпшилиги аймақлық газ, ишимлик суўы тәмийнаты, электр энергиясы, абаданластырыў, транспорт хызмети ҳәм басқа тараўларға туўра келеди. Бул халыққа көрсетилип атырған коммуналлық ҳәм басқа да хызметлердиң сапасын еле де жақсылаўға, орынларда жүз берип атырған машқалаларды ўақтында сапалы сапластырыўға, ең баслысы, пуқараларымыздың бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етпекте.



Бундай гүзги-қысқы штаблар республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 7/24 саат ислеп турғанлығын атап өтиў орынлы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги