Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары студентлери арасында өткерилетуғын «Студентлер лигасы» спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселесине арналған мәжилис болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ғалабалық спорт илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бөлиминиң баслығы Икрам Қудияров, тийисли спорт федерациялары, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

Жарыслар белгиленген кесте тийкарында 1-5-февраль күнлери баскетбол, 10-15-февраль күнлери волейбол, 20-25-февраль күнлери стол тенниси, 1-5-март күнлери мини футбол, сондай-ақ, 10-15-март күнлери аралығында шахмат бойынша өткерилиўи белгиленген болып, оған жоқары оқыў орынларынан улыўма 448 студент, соннан 176 студент-қыз қатнасыўы күтилмекте.

Мәжилисте жуўапкер ўәкиллер жарысларды өткериў тәртиби ҳәм орынлары, төрешилер қурамы ағзаларын белгилеў ҳәм басқа да мәселелер шеңберинде пикир алысып, белгиленген ўазыйпаларды өз-ара бөлисип алды.


Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, «Студентлер лигасы» спорт жарыслары Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ғалабалық ҳәм профессионал футболды ҳәр тәреплеме раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ҳәм «2026-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын 46-Дүнья жүзилик шахмат олимпиадасына комплексли таярлық көриў ҳәм шахматты ғалабалық ҳәрекетке айландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарлары, сондай-ақ, 2023-жыл 11-апрель күни «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олар менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары» бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы