Ҳәким жәрдемшилери: нәтийже қандай болмақта?

368

Буннан еки жыл алдын мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшиси лаўазымы енгизилип, мәҳәллелердеги социаллық-экономикалық жағдайды шаңарақ кесиминде үйрениў, халықтың бәнтлик дәрежесин, шаңарақлардың дәрамат дәреклерин, қыйтақ жерлеринен пайдаланыў жағдайын ҳәм дәраматлы мийнетке болған умтылысын ҳәм мүтәжликлерин талқылап барыў, исбилерменликти раўажландырыўдың ишки мүмкиншиликлери ҳәм мийнет ресурсларын инабатқа алған ҳалда, оны раўажландырыўға түртки беретуғын факторлар менен бағдарларды белгилеў, оларды иске қосыў арқалы мәҳәллениң экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў олардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.

Усы бағдардағы жумыслар менен танысыў мақсетинде Қоңырат районы Қыят аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Икрам Бекниязов пенен сәўбетлесип, өткен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

–  Ҳәким жәрдемшиси лаўазымының абзаллығын ҳәм жуўапкершилигин неде деп түсинесиз? Жумысты дәслеп неден басладыңыз?

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги «Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2022-жыл 1-январьдан баслап ҳәр бир елатлы пунктте, аўылда, сондай-ақ,  мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала ) ҳәкимлериниң жәрдемшилери лаўазымы енгизилген еди.

Мен де Қыят аўыл пуқаралар жыйынында 2022-жыл 1-январьдан өз жумысымды басладым.

Мәҳәллелердеги әмелдеги бос жумыс орынларын ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң мәўсимлик жумысшыларға болған талабын анықлаў арқалы жумыссызларды, әсиресе, биринши гезекте, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар менен ҳаял-қызларды бос жумыс орынларына орналастырыў және мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартыў сыяқлы жумыслар дәслепки ўазыйпаларымнан болды.

Аўылымыздағы халықтың шаңарақлық исбилерменлигин раўажландырыў, атап айтқанда, олардың өнерментшилик, жумысты бөлип алып ислеўи, қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўы, киши өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм басқа түрдеги жумысларын жолға қойыўы ушын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде кредитлер алыўда жәрдем бериў, мәҳәллениң қәнигелесиўинен келип шығып, кооперация тийкарында исбилерменлигин жолға қойыў тилегин билдирген  тәжирийбели исбилерменлерге жеңиллетилген кредитлер ажыратыўды шөлкемлестириў, исбилерменлик пенен еркин шуғылланыў бойынша тәжирийбеге ийе болмаған пуқараларды өз жумысын жолға қойыўы ушын бириктириў жумысларына да баслы итибар қаратылды.

2022-2023-жыллар даўамында 50 ге шамалас пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, олар дийқан хожалықларынан 30 жылға ижараға жер алып ғарбыз, гүнжи, жүўери, бийдай жетистире баслады.

Бул лаўазымның абзаллығы халықтың бәнтлигин тәмийинлеп, олардың турмысын абадан етиўинде, деп түсинемен.

– Шаңарақларға белгиленген тәртипте жәрдем көрсетиў бойынша қандай илажлар әмелге асырылмақта?

– Жыйынымыз аймағында өткен жылы жәми 705 хожалық толық хатлаўдан өткерилип, олар үш категорияға ажыратылды. Хатлаў нәтийжеси бойынша 705 хожалық, 768 шаңарақ 3442 адам есапқа алынып, биринши категорияға 268 шаңарақ (38%), екинши категорияға   367 шаңарақ (52%), үшинши категорияға 70 шаңарақ (10%) киргизилди.

Үйрениў жумысларының нәтийжесинде анықланған аўылдағы жумыссыз 143  пуқарадан 69 ы кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқыў тилегин билдирди. Бүгинги күнге шекем олардың 21 и кәсип-өнерге оқытылды.

Атап айтқанда, олардың сегизи исбилерменлик жумысларын баслаў, билимлерин жетилистириў, алтаўы исбилерменлик көнликпелери, төртеўи аспазлық, үшеўи кондитерлик бағдарларына оқытылды.

– Олардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселеси қалай шешилмекте?

– Кәсип-өнерге оқытылған пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 159 пуқараға кредит тийкарында өзин-өзи бәнт етиўге жәрдем берилди.

Тигиўшилик бағдарларында оқыған жети пуқараға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 11-майдағы «Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Мәҳелле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң халықты исбилерменликке тартыў қоры есабынан субсидиялар ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, субсидия ажыратылып, тигиў машиналары алып берилип, бәнтлиги тәмийинленди.

Турақлы дәрамат дәрегине ийе болмаған ҳәм жумыссыз халықтың, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың қызығыўшылықларын үйрениў арқалы оларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке үйретиўши оқыў орайларына бағдарлаў ҳәм оқыўды тамамлаған питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем бериў бағдарындағы жумысларымыз даўам етпекте.

– Халықтың мүрәжатлары тийкарында олардың машқалаларын шешиўге, соның ишинде, жеңиллетилген кредит ҳәм субсидиялар алыўына жәрдем бериў бағдарындағы жумысларға да тоқтап өтсеңиз.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-декабрьдеги «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың дәрамат дәрегин кеңейтиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары  тийкарында жәми 315 пукарадан онлайн арза келип түскен еди. Олардан 217 пуқараға өз исбилерменлигин баслаўы ушын жәми 2 миллиард 77.4 миллион сумлық 14 процентлик жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Атап айтқанда, жети пуқараға бағшылық бағдары бойынша жәми 102,8 миллион сумлық, бир пуқараға ашық майданда дүкан шөлкемлестириўи ушын 33 миллион сумлық, бес пуқараға ыссыхана қурыўы ушын 165,0 миллион сумлық, елиў сегиз пуқараға тигиўшилик бағдары бойынша 323,2 миллион сумлық, сегиз пуқараға хызмет көрсетиў бойынша 231,7 миллион сумлық, алты пуқараға өнерментшилик жумысын жолға қойыўы ушын 64,5 миллион сумлық, 129 пуқараға басқа түрдеги бағдарлар бойынша жәми 1 миллиард 114,6 миллион сумлық жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды.

Усы кредитлер тийкарында мәҳәлле аймағынан 12 жаңа киши бизнес субъекти ҳәм 5 жеке исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, буларға қосымша және жети пуқараға субсидия есабынан тигиў машиналары алып берилди.





Солай етип, аўылымыздағы 159 жумыссыз пуқара Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдағы «Исбилерменлик жумысларын ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында өзин-өзи бәнт еткенлиги бойынша салық уйымлары дизиминен өткерилип, бәнтлиги тәмийинленди.

Өткен жыл даўамында 314 пуқара жумысқа орналастырилды. 23 жумыс орны шөлкемлестирилип, 9  жумыс орнының жумыслары қайта тикленди. 159 пуқара өзин-өзи бәнт еткенлер қатарына қосылды. 13 микрожойбарлар шөлкемлестирилди.


2023-жыл биогумус жетистириў бойынша шөлкемлестирилген «Әлийшер Асаматдин» ЖШЖ ҳәзирги күнде жумысын әмелге асырмақта.

Сондай-ақ, хожалықларда жеңиллетилген кредит тийкарында ыссыханалар қурылып, аўылымызда жыл даўамында палыз өнимлери жетистирилмекте.

– Әмелге асырылып атырған бул ислерден аўылдағы жаслар менен ҳаял-қызлардың кеўил-кейпияты қай дәрежеде деп ойлайсыз?

– Жаман емес.

Мәселен, өткен жылы картошка егиўге кредит есабынан алынған мотокультиватор жәрдеминде жерлерин сүрип, егиске кирискен адамлардың қуўанышын сөз бенен жеткере алмайман. Президентимиздиң басламасы менен ижараға алынған жерлерине плёнка астына егиў жумысларын баслаған пуқаралардың кеўил-кейпияты да сондай болды.

АПЖда фермерлер кеңесиниң хызметкерлери менен биргеликте хожалықлардағы қыйтақ жерлер үйренилип, пуқаралар арасында турақлы түрде түсиник жумыслары алып барылмақта. Мәселен, АПЖ  аймағына барып турған жаптан суў ағып өтиўинде кемшилик болғанлығына байланыслы аўыл халқының дийқаншылық етиўинде машқалалар болып атыр еди. Жыл басынан жапты қазып суўды көбейтиўди нийет еткен аўыл халқы район ҳәкимлиги берген техника жәрдеминде аўызбиршиликли түрде қазыў жумысларын алып барды. Бул болса мәҳәлле жасларының дийқаншылық пенен шуғылланып, бос ўақытларын  шаңарағына пайдалы жумысларға жумсаўына себепши болды. Бундай ийгиликли ислерде қымбатлы ўақытларын аямай күни-түни жүрген аўылдың азамат жигитлерине, ел ағаларына көп-көп рахмет айтамыз.





Ҳәзирги ўақытта аўылда ижараға алынған жер майданларын суўғарыў жумыслары алып барылмақта.

Аўылымызда жумыс пенен бәнт болмаған халықтың исбилерменлик ҳәм турақлы дәрамат келтиретуғын жумыслар менен шуғылланыўын жолға қойыў мақсетинде оларға ыссыхана қурыў, әсбап-үскене ҳәм мийнет қуралларын сатып алыўы, кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқыўы ушын субсидиялар алыўда жәрдем бериў, бос жай ҳәм жер майданларын анықлап, оларды белгиленген тәртипте исбилерменлик субъектлерине ажыратыў бойынша тийисли шөлкемлерге усыныслар киргизиў, жумысларын жолға қойыўы ушын рухсатнамалар ҳәм лицензиялар алыў сыяқлы жоқарыда көрсетилген бағдарлардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

– Биз де сизлердиң жуўапкершиликли жумысларыңызда табыслар бола берсин деймиз.

 

Ә.Жийемураов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентилигиниң шолыўшысы