Алдын хабар бергенимиздей, 24-28-январь күнлери Россияның Красноярск қаласында еки мәрте олимпиада чемпионы Иван Ярыгинниң естелигине бағышланып, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында еркин ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша «Иван Ярыгин кубоги» турнири болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы палўан Набийра Есенбаева -68 кг салмақ категорияда қатнасып, қола медалын қолға киргизиўге миясар болған еди.
Бүгин Нөкис халықаралық аэропортында жеңимпаз спортшы Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери, республикамыздың бир топар спорт жанкүйерлери тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министриниң орынбасары Азамат Қалбаев Набийра Есенбаева ҳәм оның тренери Баҳадыр Қәлимбетовты қолға киргизген бул табысы менен қутлықлап, оларға естелик саўғаларын тапсырды ҳәм алдағы жарысларда да үлкен табысларды қолға киргизиўине тилеклеслик билдирди.
Мәресимде Набийра Есенбаева ҳәм оның тренери Баҳадыр Қәлимбетов шығып сөйлеп, өзлерине билдирилген исенимди толық ақлап, елимиз байрағын көклерде желбиретиўге ҳәрекет ететуғынлығына атап өтти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы