AҚШтыӊ бурынғы Президенти Дональд Трамп тынышлық бойынша Нобель сыйлығына даўагерлик етеди. Оны бул сыйлыққа Нью-Йорктан Конгресс Ўәкиллер палатасына ағза, республикашы Клаудия Тенни талабан етип көрсетти.

“Kazinform” ныӊ жазыўынша, Трампқа сыйлықты “Ибраҳим келисими” – Израильдыӊ БАӘ ҳәм Баҳрейн менен мүнәсибетин нормаға келтириў бойынша ҳүжжетке қол қойыўда көрсеткен жәрдеми ушын бериў усыныс етилмекте.

Трамп алдын үш мәрте бул сыйлыққа талабан болған, атап айтқанда “Ибраҳим келисими”не ерисиўге қосқан үлеси ушын да.

Нобель тынышлық сыйлығыныӊ ийеси октябрь айында жәрияланады.

ӨзА