“Фармацевтика тараўын тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы  Президент Пәрманы (ПП-20-санлы, 23.01.2024 ж.) қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2024-жыл 1-июльден:

— дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды таярлаўшы, көтере ҳәм усақлап реализациялаўшы шөлкемлер халықты сапалы, қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилиги кепилленген дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў ушын жуўапкер болған шөлкем сыпатында тән алынады ҳәм оларға мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўдыӊ өз алдына қағыйдалары белгиленеди;

— дәри қуралларынан пайдаланыў менен байланыслы потенциал қәўип-қәтерлерди оператив анықлаў ҳәм оларға жуўап бериўге қаратылған, халықаралық стандартлар талаплары тийкарында формаклогиялық қадағалаў системасы шөлкемлестириледи;

— дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды таярлаўшы, көтере ҳәм усақлап реализациялаўшы шөлкемлерде оларға белгиленген лицензия талапларына әмел етилиўин бир жылда көби менен бир мәрте ўәкилликли уйымды хабардар етиў арқалы қадағалаў тәртиби енгизиледи;

— дәри қураллары ҳәм биологиялық белсенди қосымшаларды телерадиоканаллар арқалы реклама етиў ушын ислеп шығарылған контент Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен берилген жуўмақ тийкарында эфирге узатылады;

— жаӊадан шөлкемлестирилетуғын дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар сақланатуғын бажыхана қоймаханасы ҳәм еркин қоймаханалар мәжбүрий түрде “Зәрүр сақлаў әмелияты – GSP”  талапларына муўапық шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги