«Transparency International» халықаралық мәмлекетлик емес шөлкеми тәрепинен Коррупцияны қабыл етиў индексиниӊ 2023-жыл нәтийжелери жәрияланды. Бул мәмлекетлик емес шөлкем дүнья бойлап 180 мәмлекеттиӊ мәмлекетлик секторындағы коррупция дәрежесин 0 ден 100 ге шекемги шкала бойынша тәртиплестиреди.

Усы тәртипке бола, Өзбекстан 180 мәмлекет арасында 33 балл менен 121-орынды ийеледи. Мәмлекетимиз балларды екеўге көбейтип, рейтингтеги орнын 5 текшеге жақсылаўға еристи.

Өзбекстан 2022-жылы 126-орынды ийелегенин айрықша атап өтиўимиз керек.

Өзбекстан бул индексте соӊғы 7 жыл даўамында өсиў пәтлерин белгилеп атырған (2017-жылы 22 баллдан 2023-жылы 33 баллға шекем) мәмлекет ретинде тән алынған.

Бул бағдардағы унамлы өзгерислер сыпатында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгилеп берилген ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылған түрли контркоррупциялық тәртип-қағыйдалардыӊ ислеп шығылғаны, министрлик ҳәм уйымларда коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системалары нәтийжели енгизилгени атап өтилген.

Сондай-ақ, коррупциялық жынаятларды әмелге асырған ҳәмелдар шахсларға қатаӊ жуўапкершилик илажлары көрилгени де айрықша көрсетилип өтилген.

Марҳабо Мадаминова, Аслиддин Алижонов, ӨзА