Жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, «Жумысқа мәрҳамат»  моно орайының Қоңырат районы филиалында район ҳәкимлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими, Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының районлық бөлими менен биргеликте бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмаркаға район аймағында жайласқан 64 кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлеринде бар 190 нан аслам бос жумыс орынлары менен қатнасып, онда пуқаралар өзлериниң қәнигеликлери бойынша жаңа жумыс орынлары менен жақыннан танысты.

Мийнет ярмаркасында жигирма пуқараға жумысқа орналасыўы, алты пуқараның кәсип-өнерге оқыўы ушын арнаўлы жолламалар берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы