Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте әмелге асырылып киятырған «Бир миллион өзбек программистлери» жойбары шеңберинде көплеген өзбекстанлы ул-қызлар санлы көнликпелер ҳәм программаластырыў тийкарларын үйренбекте.

Жаслар өз қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ҳәм көрсетиўи ушын «Бир миллион өзбек программистлери» ҳәм mGovAward Республикалық таңлаўлары үлкен имканият есигин ашып атырғанын да айтып өтиў керек.

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлериниң Ҳүкимет ислери бойынша министриниң орынбасары Абдулла Лута менен болып өткен ушырасыўда тәреплер mGovAward ҳәм «Бир миллион өзбек программистлери» жойбарлары шеңберинде ерисилген табысларды айрықша атап өтип, келешекте де бундай жойбарларды кеңейтиў және оларды биргеликте әмелге асырыў бойынша мәселелерге итибар қаратты.

Соның менен бирге, Өзбекстанда жаратылған шараятлар, IT Park тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, салық жеңилликлери, IT компанияларын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳаққында мәлимлемелер берилди.

Өз гезегинде, жас маман кадрлар ушын жумыс орынларын жаратыў, жасалма интеллект тараўында билимлендириўди раўажландырыў ҳәм жергиликли IT өнимлериниң экспорт потенциалын арттырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Н.Раҳмонова, ӨзА