Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында үй алды қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланып, ҳаял-қызларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша республикалық көргизбели оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Оған Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, аймақлардағы ҳаял-қызлар белсендилери, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Марьям Ахмедова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары республикамызда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, соның ишинде, жумысты үйге алып ислеўшилерге жаратылып атырған имканиятлар менен мүмкиншиликлерди кең түрде атап өтти.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими бас қәнигеси Муратбай Ғаниев үй алды қыйтақ жерлеринде қурылған ыссыханларда шиповник, замаррық ҳәм басқада өнимлерди жетистириў, оларды дурыс тәрбиялаў арқалы мол дәрамат табыў имканиятлары ҳаққында өзиниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди.



Семинар даўамында қатнасыўшылар қәнигелерге бул мәселе бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, оларға тийисли жуўаплар алды.


Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы