Әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен 2023-жыл даўамында бир қанша ислер әмелге асырылды.

Атап айтқанда, суд тәрепинен ҳәкимшилик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери бойынша 2022-жыл даўамында 756 ис көрилген болса, 2023-жыл даўамында 810 ис көрилип, өткен жылға салыстырғанда 54 иске көбейген.

2023-жыл даўамында келип түскен 500 ис бойынша пуқаралардың мүрәжаты қанаатлантырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди. 230 ис бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылды. 70 ис өндиристен қысқартылды.

Көрип тамамланған иске жуўапкер сыпатында қатнастырылған ҳәкимшилик уйымлары кесиминде алып қарайтуғын болсақ, көпшилиги Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорының қалалық ҳәм районлық бөлимлери (310), жергиликли ҳәкимликлер (126), ис бойынша жергиликли ҳәкимликлер, мәмлекетлик салық комитети уйымлары (82),  мәмлекетлик кадастр мәкемелери (58), Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының қалалық ҳәм районлық бөлимлери (50), Транспорт министрлиги (22), Мәмлекетлик хызметлер орайы (11), Ишки ислер уйымлары (9), ПҲАЖ бөлимлери ҳәм Қурылыс министрлиги (ҳәр бири 7) ҳәм басқа уйымлардың қарарлары менен олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) үстинен берилген шағым арзалары тийкарында көрип шығылған.

Көрип тамамланған 339 ис яғный, истиң 41,3 проценти көшпели суд мәжилислеринде, заманагөй технологиялардыӊ енгизилиўи нәтийжесинде 218 ис, яғный 26,5 проценти  пуқаралар судқа келместен, видеконференц байланыс режиминдеги суд мәжилислеринде көрип шығылған.

Жол қойылған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў, алдағы ўақытлары болдырмаў мақсетинде 461 айрықша уйғарыў шығарылып, тийисли уйымларға орынлаў ушын жиберилди. Халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлерде, оқыў орынлары менен халықтыӊ арасында 174 мәрте ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилди. Ғалаба хабар қуралларында ҳәм веб-сайтларда бир нешше көрсетиўлер, еситтириўлер ҳәм мақалалар жәрияланды.

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен 2023-жыл даўамында көшпели ҳәм суд имаратында өткерилген жеке қабыллаўда жәми 105 пуқарадан 105 мүрәжат қабыл етилген.

Бүгинги күнде республиканың басқарыў ҳәм ҳуқық қорғаў,  пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары, бақлаў мәкемелери, пуқаралық жәмийети институтлары, басқа мәкеме ҳәм шөлкемлердиӊ ўәкиллери судлар тәрепинен өткерилип атырған көшпели суд мәжилислеринде, шығарылған айрықша уйғарыўларды додалаўда, судлардың ҳуқықый үгит-нәсият илажларында белсене қатнасып, жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў арқалы жәмийетимизде саламат турмыс тәризин тәмийинлеў жолында бирге ислесиўге шақырып қаламыз.

    Б.ДОСЫМБЕТОВ,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судыныӊ  баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги