Өзбекстанда 2025-жыл 1-январьдан баслап хожалық басқарыў уйымлары институтын сапластырыў режелестирилмекте. Бул – 2024-жылғы мәмлекетлик бағдарламаның жойбарында нәзерде тутылған.

Жойбарға бола:

– Нызам ҳүжжетлери хатлаўдан өткерилип, ассоциациялардың жумысына мәмлекеттиң араласыўы, соның ишинде, ассоциациялардың басшыларын келисиў сыяқлы тәртиплер бийкар етиледи;

– хожалық басқарыў уйымларының дизимин қәлиплестирген ҳалда, ҳәр бири бойынша мәмлекетке тийисли функциялар тийисли министрликлер ҳәм уйымларға жүкленеди;

– хожалық басқарыў уйымларының қурамына киретуғын хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысына мәмлекетлик уйымлар (жоқары туратуғын уйымлар), уйым ҳәм шөлкемлердиң араласыўына жол қойылмайды; бул кәрханалар өз жумысын базар механизмлерине тийкарланған ҳалда, корпоратив басқарыў принциплерине муўапық әмелге асырыўы тәмийинленеди.

Жоқарыдағыларды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары 2024-жыл сентябрь айына шекем ислеп шығылатуғыны нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги