Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша Миллий комиссияның баслығы Танзила Норбоева Халықаралық мийнет шөлкеми, Халықаралық финанс корпорациясы ҳәм Жәҳән банкиниң ўәкиллери менен видеоконференцбайланыс тәризинде сөйлесиў өткерди.

Бизге белгили, өткен жыл май айында Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Халықаралық Қаржы корпорациясының пахта-тоқымашылық санаатында мүнәсип мийнет стандартлары ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған «Better work» биргеликтеги бағдарламасын Өзбекстанда енгизиў бойынша меморандумға қол қойылып, жойбарға старт берилди.

Ушырасыўда Өзбекстанда усы жойбарды әмелге асырыў бағдарында орынланып атырған жумыслар, келешектеги тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

Халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери тәрепинен Өзбекстанда мүнәсип мийнет принциплерин алға қойыў, өндирис процесине халықаралық стандартларды, атап айтқанда, өндирис, техника, мийнет ҳәм экологиялық стандартларды кеңнен енгизиў, жумысшылардың ҳуқықлары менен мәплерин ҳәр тәреплеме қорғаў, олардың социаллық қорғалыўын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның шөлкемлестирилгени, мәмлекетимизде мийнет тараўындағы халықаралық стандартларды алға қойыўға мүнәсип үлес қосатуғыны айтып өтилди.

Бүгинги күнге шекем үш аймақтан алты компания ХМШның «Better work Uzbekistan» бағдарламасында дизимнен өткен. Жойбар талапларынан келип шыққан ҳалда халықаралық стандартларды енгизиў бойынша жумыслар алып барылмақта. Сондай-ақ, усы жылы қосымша және сегиз компанияда бул жумысларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер баслап жиберилген.

Додалаўлар процесинде тоқымашылық санааты кәрханаларының социаллық жуўапкершилиги, соның ишинде, жумысшылардың ҳуқықларын қорғаў, мийнет шараятларын жақсылаў ҳәм өндиристиң экологиялық турақлылығын тәмийинлеў мәселелерине итибар қаратылды. Тараўда социаллық исбилерменликти раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша Миллий комиссия ҳәм ХМШ менен биргеликте Өзбекстанда мүнәсип мийнет бойынша миллий бағдарламаны 2024-2025-жылларда әмелге асырыў бойынша жаңа «Жол картасы»н ислеп шығыўға келисип алынды. Онда пахта-тоқымашылық санааты кәрханаларында «Better work» стандартларды кеңнен енгизиў бойынша анық мәнзилли илажларды белгилеў ҳәм бирге ислесиў мәселелери орын алған.

Н.Абдураимова, ӨзА