Миллий мәдений мийрасларымызды қорғаў, мәдений байлықлардың нызамға қайшы түрде алып шығылып кетилиўиниң алдын алыў мақсетинде елиў жыл ҳәм оннан да алдын жаратылған мәдений байлықлар Өзбекстан Республикасынан алып шығылып кетилмеўи белгилеп берилген.

Соған қарамастан, айырым пуқаралар тәрепинен әмелдеги нызамшылық талапларына қайшы түрде мәдений байлықларымызды республикамыз аймағынан нызамсыз түрде алып шығып кетиўге урыныў фактлери анықланбақта.

«Нөкис аэропорты» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен бул бойынша бир факт анықланды.

Атап айтқанда, «Нөкис-Москва» жөнелисиндеги авиарейс пенен ҳәрекетленип атырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы У.С. тәрепинен бажыхана хызметкериниң аўыз-еки сораўында айтылмаған, жолаўшы бажыхана декларациясында жазып көрсетилмеген 49 дана ески теңгелердиң мәмлекетимиз аймағынан Россияға алып шығып кетиўиниң алды алынды.


Ҳәзирги ўақытта анықланған бул факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги