Президентимиздиң 2022-жыл 23-декабрьдеги «Гимнастика спорт түрлерин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-449-санлы қарарында Нөкис қаласы, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларында гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайларын қурыў белгиленген.

Усы қарарға муўапық пайтахтымыз Нөкис қаласының Темир жол мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан Гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайының қурылысы басланды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри А.Алланазаров, Гимнастика федерациясының атқарыўшы директоры У.Жуманиязов, Темир жол МПЖ баслығы, аймақ имамы ҳәм ақсақаллары қатнасты.

Атап өтилгениндей, бул объекттиң қурылысы, оның иске түсирилиўи халық арасында гимнастика спорт түрлериниң, атап айтқанда спорт гимнастикасы, көркем гимнастика, трамполин, акробатика спортының ғалаба ен жайыўына, жаслар арасынан инталы спортшыларды таңлап алыў системасының жетилисиўине тийкар жаратады.

Халықаралық талап ҳәм стандартлар тийкарында профессионал спортшыларды таярлаў арқалы миллий сайланды командамыздың абырайлы жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлейди. Мектепке шекемги ҳәм мектеп жасындағы балалардың гимнастика спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын кең мүмкиншиликлер жаратылып, оларда бул спорт түрлери бойынша басланғыш көнликпелерди қәлиплестириўге хызмет етеди.

Қатнасыўшылар тәрепинен қурылыстың барысы көзден өткерилип, қурылысшыларың пикир-усыныслары тыңланып, қурылыс материалларын ўақтында жеткериў, қаржыларды орынлы жумсаў, қурылысшыларға шараятлар жаратыў мәселелери талқыланып, жумысларды жеделлестириў бойынша бир қатар көрсетпелер берилди.

 

 Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги