Кеше мәмлекетимиздеги пүткил футбол жанкүйерлериниң бар дыққат-итибары Қатар мәмлекетиндеги «Ал-Жануб» стадионында өткерилген Өзбекстан ҳәм Таиланд ойынына қаратылды.
Ушырасыў елимиз футболшыларының толық үстинлиги менен басланды ҳәм бир неше мәрте Таиланд дәрўазасы алдында қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Усындай ҳүжимлердиң биринде командамыздың жас ярым қорғаўшысы Диёр Холматов өзиниң әжайып топ узатпасын Азизбек Турғунбоевқа жеткерип берди ҳәм бул топты көкиреги менен тоқтатып, аяғы менен дәрўазаға анық соққы жоллады. Есап 1:0.
Биринши таймда буннан соң басқа есап өзгермеди.
Екинши тайм басында таиландлылар қурамында ойынды күшейтиў мақсетинде, жаңа футболшыларды майданға түсирди ҳәм бул өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетти. Гол авторы Сарачат Супачок. Буннан кейин еки команда ағзалары да тез-тез қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм 65-минутта Жалолиддин Машарипов тәрепинен узатылған пасты қабыллап алған Аббосбек Файзуллаев Таиланд дәрўазасына гол урыўға еристи.
Соңынан Өзбекстан сайланды командасы өзлериниң бар күшлерин қорғаныўға қаратты ҳәм ойындағы есапты услап қалыўға миясар болды. Ушырасыўдың 87-минутында командамыздың тийкарғы қурам қорғаўшыларының бири Абдуқодир Ҳусанов бас төреши тәрепинен сары карточка менен жазаланды ҳәм ол 3-февраль күни Қатар менен өткерилетуғын ойынға түспеўи мүмкин.
Ал, 1/8 финал ойыны шеңберинде болып өткен Қубла Корея ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы ойынның тийкарғы ўақты 1:1 есабы менен жуўмақланды.
Өзбекстанлы төреши Илгиз Танташев тәрепинен қосып берилген экстра-таймларда болса, есап өзгерместен қалды ҳәм ойын жеңимпазы пенальтилер сериясында анықланды. Пенальтилерди дәрўазаға анық тебиўде кореялы футболшылардың шеберлиги байқалды ҳәм өз қарсыласларын 4:2 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Енди Қубла Корея сайланды командасы шерек финалда турнирдиң және бир фаворитлериниң бири Австралия менен гүрес алып барады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы