Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Мәмлекетлик уйымлар менен пуқаралар арасында нәтийжели байланыс системасын жаратыў арқалы пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдың нәтийжелилигин арттырыў, аймақларда халықтың мүрәжатлары менен нәтийжели ислесиў системасын шөлкемлестириў» атамасында оқыў-семинар өткерилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм қалалық, районлық Кеңеслериниң депутатлары, Әдиллик, Ишки ислер министрлиги, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитетиниң хызметкерлери, қалалық, районлық Кеңеслериниң атқарыўшы хаткерлери ҳәм FХҚ ўәкиллери қатнасты.

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күнде ҳәр бир пуқараның турмыс абаданлығын тәмийинлеў мәселелерине шешим излеў, усыныс ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың бас критериясы есапланатуғынлығын атап өтти.

Халқымыздың турмыслық талапларын ҳәм мүтәжликлерин тәмийинлеў, адамларды разы етиў жолындағы жумыслар, ийгиликли идеялар тийкарында алып барылып, барған сайын жаңа мәнис ҳәм мазмун менен байып бармақта. Бундай тарийхый өзгерислер қатарында халық пенен ушырасыў, мүрәжатлар менен ислесиў бойынша толық жаңа системаға тийкар салынғаны бүгинлигинде дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта.

Семинарда сөзге шыққан тараў ўәкиллери өз орнында шешиў мүмкиншилиги бар мәселелерге үйрениўлер процесиниң өзинде шешим табылса, белгили бир ўақыт ҳәм қаржы талап ететуғын мәселелер бир системада жыйналса, халықтың мүрәжатлары, шағым ҳәм арзалары кескин азайыўы менен бирге, реформалардың нәтийжелилиги де артады ҳәм халқымыздың өз турмысынан разы болып жасаўына ерисиледи. Бул ушын ҳәр бир аймақтағы күш-имканиятлар бирлестирилиўи, халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм әмелде шешиўге тартылыўы кереклигин атап өтип пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, депутатлар тәрепинен халықтың мүрәжатларын үйрениў, шешиў мақсетинде орынларда сайлаўшылар менен ушырасыўлар, көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилип, халықтың машқалалары шешилип, олар тийисли шөлкемлерге жеткерилип, ҳуқықый мәсләҳәтлер берилмекте.

– Өткен 2023-жыл даўамында ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесине физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 878 мүрәжат келип түсти,-дейди Т.Романов.

Соннан 674 мүрәжат унамлы шешилип, 91 мүрәжат белгиленген тәртипте көрип шығылып, тийисли түсиндириў ҳәм жуўап хатлары берилди. Ал, 113 мүрәжат тийисли шөлкемлерге жиберилген ҳәм нәтийжеси қадағалаўға алынған.

ӨзМТДП партия шөлкемлерине келип түскен мүрәжатлар тараўлар кесиминде талланғанда, коммуналлық тараўға тийисли 41, бәнтлик мәселелеринде 42, социаллық мәселелерге байланыслы ҳәм денсаўлықты сақлаўға тийисли 292, турақ жай ҳәм жер мәселесине тийисли 7, банк-кредит мәселесине тийисли 2, мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақаға тийисли 177 ҳәм тағы басқа мәселелерге тийисли 317 мүрәжат дизимге алынған.

Семинарда билдирилген пикир-усыныслар ҳәр тәреплеме талқыланып, халықтың мүрәжатлары менен ислесиўде депутатлардың орны ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, өзлери сайланған аймақтағы машқалалар тийисли министрликлер менен ҳәкимликлер тәрепинен қай дәрежеде шешилип атырғанын турақлы түрде үйренип, қадағалап барыў, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, машқалаларын унамлы шешиў, әсиресе, алыс аймақлардағы халықтың жасаў шараятын үйрениў ҳәм жақсылаў мәселесине айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.





Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги