Қатардыӊ «Power International Holding» (PIH) компаниясы Ташкент ўәлаятында 180 гектар майданда улыўма баҳасы 300 миллион АҚШ долларына теӊ болған «Silk Road Land Edutainment Park» бағын қурмақшы.

Бул бағдарда «SilkRoadInvest Group» ЖШЖ  (Өзбекстан) ҳәм Қатар компаниясы басшылығы арасында сөйлесиўлер болып өтти.

Өзбекстан ўәкиллери Қатар тәрепине бул жойбардыӊ бизнес режесин көрсетти. Қызғын додалаўдан соӊ тәреплер арасында Бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Ушырасыў жуўмағында усы жойбар жайласқан мәнзилди көзден өткериў ҳәм оны әмелге асырыў шәртлерин толық додалаў мақсетинде усы жыл февраль айында қатарлы исбилерменлердиӊ Өзбекстанға бизнес-миссиясын шөлкемлестириў ҳаққында келисип алынды.

Мағлыўмат ушын, «Power International Holding» Қатардыӊ жеке сектордағы еӊ ири компаниясы болып, 1983-жылы шөлкемлестирилген. Компания бүгинги күнде дүньяныӊ 19 мәмлекетинде жумыс алып бармақта.  «Форбс» басылымына бола, «PIH» Жақын Шығыстағы он үшинши еӊ ири компания болып есапланады. Кәрхана жумысшыларыныӊ саны 65 мыӊнан аслам. Усы күнге шекем әмелге асырылған жойбарларыныӊ саны 1 100 ди қурайды. «PIH» тиӊ Қатардағы азық-аўқат санаатындағы үлеси 70 процент, – деп мәлимлеме береди xabar.uz

Қарақалпақстан хабар агентлиги