Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри, полковник Бахтияр Төребековтың қатнасыўында «Министр ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўға факультет деканлары ҳәм олардың орынбасарлары, профессор-оқытыўшылар, тьюторлар, жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми ҳәм студентлер кеңесиниң белсенди ағзалары, сондай-ақ, студент-жаслар қатнасты.

Илажда министр жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың ҳуқықый мәденияты ҳәм саўатлылығын арттырыў бойынша басламаларды ҳәмийше қоллап-қуўатлайтуғынлығын және әмелий жәрдем беретуғынлығын айрықша атап өтип, мәмлекетимизде жаслардың тәлим-тәрбиясы бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди. Соның менен бирге, орын алып атырған кемшиликлер ҳаққында да айта келип, машқалаларды сапластырыў бағдарында ислениўи тийис болған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Жаслар арасында профилактикалық үгит-нәсият илажлары турақлы өткерилиўине қарамастан, соңғы жылларда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың жийи ушырасып турғаны ашшы ҳақыйқат.

Атап айтқанда, өткен жылдың өзинде жоқары оқыў орынлары студентлериниң қатнасыўында 47 жынаят исленгени анықланған болса, соннан 9 жынаят институт студентлери тәрепинен әмелге асырылған. Сондай-ақ, студентлердиң қатнасыўындағы 148 ҳуқықбузарлықтың 50 и усы оқыў дәргайы студентлерине туўра келген.

Бундай унмсыз көрсеткишлер тараўда исленип атырған жумысларды сын көзқарастан көрип шығып, нәтийжели механизмлерди жолға қойыўды талап етпекте.

Ушырасыўда министр Б.Төребеков соңғы жылларда жаслар арасында интернет тармақларындағы экстремистлик мазмундағы бузғыншы идеялар тәсирине түсип қалыў, оқыў процесинде коррупциялық жынаятларға араласып қалыў, кибержынаятларға қол урыў сыяқлы жағдайлардың да артып атырғанын анық мысаллар менен атап өтип, жасларды бундай иллетлерден аўлақ болыўға шақырды.

Илажда факультет деканлары ҳәм жаслар тәрбиясына жуўапкер қәнигелер шығып сөйлеп, бул бағдарда студент-жаслардың арасында әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Ушырасыўда жаслар тәрбиясы, олардың арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарында биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар додаланып, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.







Илаж шеңберинде министрликтиң тийисли қәнигелери тәрепинен киберқәўипсизлик бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги