Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы тәрепинен елимиз бойлап концерт бағдарламалалары болып өтпекте. Илаж шеӊберинде Елликқала районындағы көркем өнер сарайында Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң “Мәңгилик мақам ақшамы” атамасында есап бериў концерти болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы миллий мақам көркем өнери орайының баслығы С.Бегматов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары Б.Аллаков, Өзбекстанда хызмет көрсеткен артистлер Т.Мўминов ҳәм З.Азизовлар менен бирге Қарақалпақстан халық артисти Б.Каримовалар ҳәм ўәлаятлардағы Мақам жәмәәтлери қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар соңғы жыллары мәмлекетимизде мақам көркем өнерин раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәм мақам ансамблиниң атқарып атырған жумысы, мақам көркем ѳнериниң жәмийетимизде тутқан орны туўралы кеңнен айтып өтти.

Атап өтилгениндей, руўхый байлығымыз есапланған мақам атқарыўшылығы өзиниӊ көп әсирлик тарийхына ийе болып, Орайлық Азия ҳәм Шығыс еллериниӊ мәдений турмысында айрықша орын ийелейди. Өз нгезегинде мақам миллет руўхыйлығын байытатуғын, өзлигимизди аӊлатыўшы көркем өнер болып есапланады.

Соӊғы жыллары миллий мақам көркем өнерин раўажландырыў бағдарында мәмлекетимизде кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.  Мәмлекетимиз Президентиниӊ басламасы менен Өзбек миллий мақам көркем өнерин және де раўажландырыў ҳәм усы бағдарда жумыс алып барып атырған тараў ўәкиллериниң хызметин қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

-Бүгинги илажға республикамыздағы барлық мақам ансамбльлери белсене қатнаспақта. Қарақалпақстанда да мақам мектеби раўажланғанлығые атап өтиў керек,-дейди ѳзбек миллий мақам кѳркем ѳнери орайы баслығы С.Бегматов.-Белгили талант ийеси Атажан Худайшукуровтың избасарлары бүгин үлкен сахналарда миллий көркем ѳнеримизди үгит-нәсиятламақта.

Илаж мақам көркем өнериниӊ сайланды дүрданаларынан дүзилген мақам ансамбльлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти. Белгили қосықшы ҳәм сазенделер тәрепинен жанлы ҳаўазда атқарылған қосықлар тамашагөйлерге бир дүнья заўық бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги