Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Басшы ҳаял-қызлардың  имиджини жаратыў”атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы, “Дўстлик” ордениниң ийеси, шайыр  Г.Даўлетова, филиал директорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Г.Қазақбаева, Мәлимлеме-ресурс орайының бөлим баслығы Ж.Халмуратовалар шығып сөйлеп, жәмийетимиздеги белсенди ҳаял-қызлар, оларға жаратылып атырған шараятларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усының нәтийжесинде мәмлекетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың саны артып бармақта.  Оларды кең жәмийетшиликке, соның ишинде жасларымызға жақыннан таныстырыў мақсетинде орынларда “Басшы ҳаял-қызлардың  имиджини жаратыў”атамасында дөгерек сәўбетлери өткерилмекте. Сөзге шыққанлар өзлериниң өмири ҳәм мийнет жолы, дөретиўшиликке қойған дәслепки қәдемлери туўралы кең түрде айтып берди.


-Ҳәр қандай күшли ҳәм ақыллы ҳаял-қызды әпиўайылық безейди,-дейди шайыр Гүлистан Дәўлетова.-Кишипейиллигимиз бизди және де гөззал етип көрсетеди. Мине, усы сезимлердиң теңлигин сақлай алсақ ғана ҳақыйқый лидер ҳаял-қызға айланамыз. Мен турмыстан, әтирапымдағы инсанлардан мотивация аламан. Жасым үлкейген сайын өзимди тәрбиялап бараман ҳәм буны сизлерге де мәсләҳәт етемен.

Қатнасыўшылар студент-жасларға өзлериниң баҳалы кеңеслерин берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги